Президенттиӊ усы жыл 4-апрельдеги тийисли Пәрманы менен 2024-жыл 1-сентябрьге шекем мийнет миграциясына жәрдем көрсетиў ушын күни-түни ислейтуғын Call-орай жумысы шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, сырт елден шығыўшы абонентлер ушын Call-орай номерине қоӊыраўларды бийпул әмелге асырыў имканияты жаратылады, деп мәлимлеме береди хабар.уз

2025-жыл 1-июльға шекем болса Өзбекстаннан сыртқа шығыўшы ҳәм мәмлекет аймағына кирип келиўши шахслардыӊ анық есабатын жүргизиў имканиятын беретуғын бирден-бир уйымлараралық ҳәм толық интеграцияланған электрон мағлыўматлар базасы жаратылады. Буннан тысқары, мийнет мигрантлары ушын болып турған мәмлекетлери ҳәм ол жердеги бос жумыс орынлары ҳаққында мағлыўматларды жайластырыў, ўатанласлар менен онлайн сөйлесиў ҳәм пул өткермелерин әмелге асырыў, қыйын турмыслық жағдайға түсип қалған пуқараларға жәрдем көрсететуғын шөлкемлер менен байланысыў имканиятын беретуғын мобиль қосымша иске түсириледи.

2024-жыл 1-июньнен ҳүжжетлерди онлайн талап етип алыў бойынша консуллық жыйымларыныӊ муғдары пуқаралық ҳалаты актлерин тастыйықлағаны ҳаққында тәкирар гүўалықлар берилгенлиги ушын мәмлекетлик бажы муғдарына теӊлестириледи.

2024-жыл 1-июльден жеке меншик бәнтлик агентликлерине сырт елде мийнет етиўди қәлеўши шахсларға Өзбекстанныӊ сыртында жумысқа жайластырыў бойынша хызметлер көрсеткенлиги ушын ҳақы өндириўге рухсат етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги