Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында улыўма билим бериў мектеплериниң директорлары ушын «Мектепти басқарыўда инновациялық – психологиялық усыллар»  атамасында семинар-тренинглер басланды.

Оған  Төрткүл,  Елликқала ҳәм Беруний районларынан жәми 209 улыўма орта билим бериў мектеплериниң  директорлары қатнаспақта.

Семинар-тренинглерде  тийкарғы итибар улыўма билим бериў мектеплери директорларының кәсиплик шеберлигин арттырыў бағдарындағы тийисли қарар ҳәм пәрманларда белгиленген ўазыйпалардың  орынланыўы бойынша ислениўи тийис жумысларға қаратылмақта.

Семинар-тренингти Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы профессор-оқытыўшылары алып барды.

Сондай-ақ, илажда мектеп директорлары мәмлекетимизде енгизилиўи режелестирилип, тәжирийбе сынаўдан өткерилип атырған “Критерияға бағдарланған баҳалаў системасы” ҳаққында мағлыўматлар, баҳалаў түрлери, форматив ҳәм сумматив баҳалаў бойынша әмелий көнликпелерге ийе болды.

Илажда қатнасыўшылар ушын мектепте дослық қатнасықты қәлиплестириў ушын директордың өзи үлги болыўы кереклиги, ата-аналар ҳәм муғаллимлердиң мектептеги тәлим-тәрбия процесине қамтыў әҳмийетли екенлиги, билим дәргайының жумысын жетилистириў режесин ислеп шығыў бойынша әмелий көнликпелерге ийе болды.

Усындай семинар-тренинглер график тийкарында республикамыздағы  барлық районлардағы улыўма билим бериў мектеплериниң директорларына өткерилиўи  режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги