9-апрель уллы сәркарда, мәмлекетлик ғайраткер Әмир Темурдың туўылған күни мәмлекетимиз бойлап кең түрде белгиленеди. 

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де бул сәне кең түрде белгиленип, бүгин тарийх факультети тәрепинен уллы сәркаданың 688 жыллығына бағышланып шөлкемлестирилген « Әмир Темурдың жәҳән тарийхында тутқан орны» атамасында кеше өткерилди.

Кешеде тарийх факультети деканы С.Сулайманов, археология кафедрасы доценты Г.Туреева, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы кафедрасы доценти Ж.Айтмуратова, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы Ветеранлар кеңеси баслығы, напақадағы подполковник П.Ергунусов, резервтеги сержант Б.Қанназаров, Аўғанстан урысы қатнасыўшысы О.Төрениязов ҳәм студент-жаслар қатнасты. Илажда сөзге шыққанлар Әмир Темурдың өмир жолы, мәмлекет қурыўдағы ерискен табыслары ҳаққында сөз етти.




Илаж соңында студентлер тәрепинен уллы сәркарданың өмир жолы ҳаққында сахналық көринислер қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги