Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы,  шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетиниӊ Нөкис филиалында адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм оныӊ алдын алыўға бағышланған үгит-нәсият илажы болып өтти.

Филиалдыӊ жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлиминиӊ баслығы А.Сейткамалов, адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша республикалық “Истиқболли авлод” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиӊ хызметкерлери А.Кудайбергенов ҳәм М.Боранбаевлар шығып сөйлеп, XXI әсирдиӊ глобал машқаласына айланған бул иллетке қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған кеӊ көлемли жумыслар, жәбирлениўшилердиӊ аянышлы тәғдири, бул бағдардағы нызамшылық ҳүжжетлер, олардыӊ мазмун-мәнисине тоқтап өтти.

Мәмлекетимизде адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм оныӊ алдын алыў бойынша кеӊ көлемли үгит-нәсият жумыслары алып барылып атырғанына қарамастан, адамлардыӊ еле де болса алдаўшылардыӊ қурбаны болып қалыў жағдайлары ушырасып турыпты. Қатнасыўшыларға адам саўдасы жынаятынан жәбир көргенлер, соныӊ ишинде, жаслар менен ҳаял-қызлар бойынша мағлыўматлар берилди. Бул иллеттиӊ алдын алыў ушын ҳәр биримиз ҳәмийше сергек болыўымыз кереклиги, халқымыздыӊ ҳуқықый билимин еле де жетилистириў айрықша әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги