Өзбекстанда Евпора Аўқамыныӊ гранты тийкарында улыўма баҳасы 3,5 миллион евродан артық болған 8 баслама әмелге асырылады.

3-апрель күни Ташкентте болып өткен «ЕАныӊ Өзбекстандағы пуқаралық жәмийети шөлкемлерин қоллап-қуўатлаў» темасындағы әнжуманда жойбарларға старт берилгени мәлим етилди.

Өзбекстанда пуқаралық жәмийети имканиятларын кеӊейтиў бойынша жәрияланған таӊлаў жуўмағында жеӊимпаз деп табылған жойбарлар әҳмийетли бағдарларды қамтып алады.

«Бүгин ЕА тәрепинен қаржыландырылып атырған жойбарлардыӊ иске қосылыўы Өзбекстанда пуқаралық жәмийети шөлкемлерин қоллап-қуўталаў бойынша ис-ҳәрекетлеримиздиӊ бир бөлеги. Бизлердиӊ бул ис-ҳәрекетлеримиз пуқаралық жәмийети шөлкемлериниӊ имканиятларын кеӊейтиў, инкюзивлик, белсендилик ҳәм демократияны раўажландырыўға қаратылған. Биз ҳаял-қызлар, балалар ҳәм жәрдемге мүтәж топарлар ушын жойбарларға үлкен әҳмийет қаратқан ҳалда, олардыӊ даўысын және де күшейтип, инклюзивлик раўажланыўды үгит-нәсиятлап атырмыз», – деди ЕАныӊ мәмлекетимиздеги елшиси Шарлотта Адриан ханым.

Дипломаттыӊ атап өтиўинше, ЕА Өзбекстандағы реформалар баәғдарламасын қоллап-қуўатлап, пуқаралық жәмийети ҳәм мәмлекеттиӊ бирге ислесиўинде демократияныӊ әҳмийетли шәрти болған плюрализм ҳәмс инклюзивликке үлес қосыўда даўам етеди.

2024-2026-жыллары әмелге асырылатуғын грант жойбарлары пуқаралық жәмийети шөлкемлериниӊ инклюзивлик раўажланыў, гендер теӊлигин үгит-нәсиятлаў, «жасыл» күн тәртибин алға қойыў сыяқлы мәселелер бойынша потенциалын арттырады.

AFEW International тәрепинен әмелге асырылған жойбар Самарқанд, Наманган ҳәм Ташкент қалаларында ҳаял-қызлар ҳәм балалар менен ислесип атырған пуқаралық жәмийети шөлкемлерин күшейтиўге қаратылған.

Инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық бирге ислесиў шөлкеми әмелге асырып атырған жойбар болса «Өзбекстанныӊ айырым аймақларында  инсан ҳуқықлары, социаллық жәрдемге мүтәж топарлар менен қоршаған орталықты үгит-нәсиятлаў ҳәм қорғаў ушын пуқаралық жәмийетлериниӊ имканиятларын кеӊейтиў» деп аталады.

Saferworld тәрепеинен әмелге асырылып атырған жойбар Өзбекстанда пуқаралық жәмийети шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасындағы муўапықластырыў жумысын күшейтиўге хызмет етеди.

Мальмёдағы Халықаралық ҳаял-қызлар ассоциациясы (IKF Malmö) әмелге асыратуғын жойбардан гөзленген мақсет болса жасыл ҳәм айланба экономика тармақларында ҳаял-қызлар ҳәм жаслардыӊ экономикалық имканиятларын кеӊейтиўден ибарат.

Буннан тысқары, Deutsche Welle, DVV International Uzbekistan, Киши ҳәм орта кәрханалар ассоциацияларыныӊ Европа конференциясы (CEA-PME), MARTA орайы сыяқлы шөлкемлер тәрепинен де әҳмийетли темалардағы бағдарламалар әмелге асырылады, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги