Президент Шавкат Мирзиёев мектеп билимлендириўин раўажландырыў ҳәм сапасын арттырыўға байланыслы режелердиӊ презентациясы менен танысты.

“Өзбекстан – 2030” стратегиясында билимлендириў системасыныӊ реформалары еӊ биринши ўазыйпа етип белгиленди. Усыған муўапық, бул тараў ҳәм улыўма, ҳәм қәнигелестирилген тәризде раўажландырылмақта. Атап айтқанда, мәмлекетимизде 14 Президент мектеби, 9 дөретиўшилик мектеби ҳәм 182 қәнигелестирилген мектеп жумыс алып бармақта.

Өткен жыллардағы тәжирийбе ҳәм турмыс талабынан келип шығып, олардағы бағдарларды жетилистириў нәзерде тутылмақта.

Атап айтқанда, Мырза Улығбек атындағы қәнигелестирилген мектепте Мюнхен техника университети менен биргеликте, тәжирийбе ретинде, инженерлик бағдарламаларын енгизиў усыныс етилмекте. Бул бағдарлама “Жаӊа Өзбекстан” университети бағдарламасы менен интеграцияланады.

Жоқары маман подагоглардыӊ имканиятларынан кеӊнен пайдаланыў мақсетинде Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги жанында жәмийетшилик тийкарында “Илим кеӊеслери” дүзиледи. Бул кеӊеслер билимлендириў бағдарламаларын ислеп шығыў, баҳалаў системасын жетилистириў, муғаллимлердиӊ кәсиплик шеберлигин арттырыўға тартылады.

Келеси оқыў жылынан 14 мектепте пәнлерди инглиз тилинде оқытыўды жолға қойыў, 2025-2026-жыллары 8 жаӊа қәнигелескен мектеп қурыў режелери де айтып өтилди.

Дөретиўшилик мектеплери бойынша да усыныслар бар. Атап айтқанда, оларда белгили жазыўшылар ҳәм жәмийетлик ғайраткерлердиӊ қатнасыўында шеберлик сабақлары шөлкемлестириледи. Оқыўшылардыӊ дөретиўшилик жумысларын Жазыўшылар аўқамы есабынан басып шығарыў жолға қойылады. Түрли таӊлаўлар өткериў арқалы қәбилетли жаслар қоллап-қуўатланады.

Билимлендириўдиӊ сапасын арттырыўда пән олимпиадалары әҳмийетли. Соӊғы жыллары жеӊимпазларды мүнәсип хошаметлеў системасы енгизилгени нәтийжесинде билимге умтылыс күшейди. Талабан оқыўшылар, “үлкен беслик” пән олимпиадаларында қолға киргизген медальлар алдынғыға салыстырғанда еки есеге көбейди. Мәмлекетлик Аль-Ферғаний, Беруний, Менделеев атындағы халықаралық олимпиадалар өткерилди.

Бул жумысларды жаӊа басқышқа көтериў мақсетинде Оқыўшыларды пән олимпиадаларына таярлаў орайын шөлкемлестириў усыныс етилмекте. Оған жетик алымлар ҳәм сырт елли қәнигелер тартылады, оқыўшылардыӊ ҳәр бири раўажланыў бағдарламасы арқалы мақсетли таярланады.

Қатнасыўшылардыӊ халықаралық олимпиадалардағы жуўмақлаўшы нәтийжелеринен келип шығып, сайланды топар жетекшисин хошаметлеў системасы жолға қойылады. Барлық пән олимпиадаларын сәўлелендиретуғын бирден-бир олимпиадалар  календары ҳәм таярлық системасы жаратылады. Тийкарғы сабақлар менен бирге психологиялық тренинглер, басқа топарлар менен биргеликтеги жыйынлар өткериледи.

Презентацияда оқыўшылардыӊ билимин баҳалаўдыӊ ашық-айдын ҳәм қалыс системасын енгизиў мәселеси де көрип шығылды.

Ҳәзирги күнде билимниӊ баҳасы түрли мектеплерде ҳәр түрли. Имтихан бетлериндеги сораўлар дәрежеси де ҳәр түрли. Халықаралық тестология талапларына бола, барлық вариантлардағы сораўлардыӊ қыйынлық дәрежеси теӊ болыўы керек.

Соныӊ ушын, мәмлекетлик жуўмақлаўшы аттестацияда, жаӊа мектепти питкериў имтиханларында оқыўшылардыӊ билимин бирден-бир қадағалаў материаллары тийкарында баҳалаў усыныс етилмекте. Имтихан тапсырмалары жазба ҳәм әмелий қәлипке өткериледи, жуўапларды арнаўлы платформа арқалы тексериў әмелияты жолға қойылады, сораўлар турақлы түрде жаӊаланып барылады.

Және бир әҳмийетли жаӊалық – мектепти питкериў имтиханларында жоқары билимлендириў мәкемесине кириў сынақларына сәйкес пәнди сайлаў имканияты жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы улыўма орта билимлендириў системасын жаӊа басқышқа алып шығыў, оныӊ жоқары билимлендириў менен пропорционаллығын беккемлеў бойынша көрсетпелер берди.

Презентацияда билимлендириў ҳәм басқа тараўларда мәдениятты кеӊнен ен жайдырыў мәселесине де итибар қаратылды. Жас әўладта көркем өнерге меҳирди мектеп ҳәм жоқары оқыў орнынан баслап қәлиплестириў зәрүр екени атап өтилди.

Усы мақсетте дөретиўшилик мектеплеринде “Сүўретлеў көркем өнери ҳәм сызыў” пәниниӊ орнына “Көркем өнер” пәнин киргизиў усыныс етилмекте. Онда тек сүўрет сызыў емес, ал реӊли сүўрет, өнерментшилик, кинематография, мүсиншилик ҳәм дизайнға байланыслы көнликпелер үйретиледи.

Жоқары оқыў орынларында бул бойынша мәсләҳәтши системасын Мәденият министрлиги менен байланыстырып, мақам, бақсышылық, театр мийрасларын жасларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Сондай-ақ, ири кәрханалар ҳәм кластерлер жанында ансамбльлер дүзилип, мәҳәллелерде концертлер, мектеплерде мәденият күнлерин шөлкемлестириў белгиленди.

ӨзА