Елимиз бойлап улыстың уллы күни Наўрыз байрамы тамашалары, халық сейиллери даўам етпекте.

Қоңырат районында да байрам илажлары район басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында салтанатлы түрде басланып кетти.

Миллий  қәдриятларымызды, дәстүрлеримизди, тағамларымызды, қол өнерлеримизди дүньяға танытыўға қумар қоңыратлылар да  Наўрызды өзине сай сән-салтанат, миллий тамашалары менен күтип алмақта.


Райондағы үлкен стадионда белгили палўанлардың қатнасыўында миллий гүрес, қошқар дүгистириў, арқан тартысыў сыяқлы миллий спорт ойынлары болып өтпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги