Халқымыздың ески тарийхы, бай мәденияты ҳәм қәдириятларын өзине жәмлеген Наўрыз миллий байрамларымыздан саналады. Бүгин Наўрыз  орынларда кең түрде белгиленип, халқымыз байрам қуўанышларына бөленбекте.

Тақыятас районындағы «Найманкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында Қарақалпақстан түркмен миллий миллий мәдений орайы тәрепинен байрам тамашалары шөлкемлестирилди. Түркмен миллий мәдений орайы баслығы Режеп Авезов жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, көп миллетли халқымыздың елимиздиң раўажланыўы жолында биргеликте үлес қосып, татыўлықта жасап атырғанлығын атап өтти.

Байрам жоқары кейпиятта өткерилип онда миллий қәдириятлар қәдирлениўи менен бирге халықлар дослығы, миллетлераралық  татыўлық пазыйлетлери өз көринисин тапты.








-Наўрыз бул дослық, аўызбиршилик, татыўлық байрамы. Бүгин тыныш татыўлықта жасап атырған елимизде түрли миллет ўәкиллери байрамды үлкен қуўаныш пенен белгилемекте. Байрам бәршеге қутлы мүбарек болсын,-дейди түркмен тилинде шығатуғын  «Мекан» газетасының редакторы, дослық ордениниң ийеси Аразмухаммед  Абаев.

Аўыл халқының қуўанышына шерик болып, байрам илажына Нөкис қаласынан ҳәм Төрткүл, Елликқала, Хожели районлары сондай-ақ, туўысқан халықлар миллий-мәдений орайларынан мийманлар қатнасты.  Байрам тамашалары концерт бағдарламалары, миллий ойынлар, миллий өнерментшилик көргизбелери менен даўам етти.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги