Төрткүл районындағы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы улыўма билим бериў мектеплериниӊ оқыўшылары арасында “Жас қутқарыўшы” әскерий-спорт жарысыныӊ районлық басқышы болып өтти.

“Жас қутқарыўшылар” кеўиллилер клублары командаларыныӊ арасында өткерилген жарысқа “Ўатан таянышы” отядыныӊ ағзалары да қатнасты.

Жарыс жуўмағында 13-санлы улыўма билим бериў мектеби биринши, 40-санлы улыўма билим бериў мектеби екинши, 8-санлы улыўма билим бериў мектеби командасы үшинши орынларды ийеледи. Сондай-ақ, 69-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ командасы номинация  жеӊимпазы болды.

Сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Жеӊимпаз команда Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги