2023-жылдың екинши мәўсиминде Тахтакөпир районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектеби «Ашық бюджет» мәлимлеме порталы арқалы жәмийетшилик пикири тийкарында 800 млн.сумлық қаржы жеңип алған еди.

Мине, усы қаржы тийкарында 4 дана интерактив тахталар, соның менен бирге, оқыўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде 12 дана бақлаў камерасы сатып алынып, оларды орнатыўға еристи. Сондай-ақ, мектеп оқыўшыларының спорт пенен турақлы шуғылланыўына кең имканият жаратып бериў ушын футбол майданшасының қурылысы басланған еди.

«PERSPEKTIVA MONTAJ NUKUS» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қолы гүл қурылысшылары тәрепинен алып барылған қурылыс жумысларының нәтийжесинде, Наўрыз байрамы қарсаңында бул майданша толық питкерилип, ол мектеп жәмәәтине байрам саўғасы сыпатында тапсырылды.





Онда район ҳәкими Жамбул Адилов мектеп жәмәәтин улыстың уллы күни есапланған Наўрыз байрамы ҳәм жаңа спорт майданшаның пайдаланыўға тапсырылғаны менен қутлықлап, оқыўшылар арасынан келешекте елимизге белгили инсанлар жетилисип шығатуғынлығына исеним билдирди.

Сондай-ақ, объектти тапсырыў мәресиминде мектеп директоры Лиза Тилеўова да шығып сөйлеп, жаслардың тәлим-тәрбиясына қаратып атырған бундай ғамқорлықлары ушын елимиз басшыларына, ашық даўыс бериўде өзлериниң үлеслерин қосқан мектеп жәмәәти менен ата-аналарға ҳәм қурылыс жумысларын алып барған қурылысшыларға өз миннетдаршылығын билдирип, қурылыс кәрханасы басшылары ҳәм аўыл жасы үлкенлерине байрам саўғаларын тапсырды.

Соңынан жаңа спорт майданшасы алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары стадионда жаратылған шараятларға өзлериниң жоқары баҳаларын берди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги