Бурын хабар етилгениндей, быйыл қарақалпақ әдебиятының уллы тулғасы Бердақ шайырдың 190 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекистан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими, Бердақ атындағы миллий музей, Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Қарақалпақстан хабар агентлиги ҳәм Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы менен бирликте  «Бердақ дәўириндеги билимлендириў орынлары ҳәм тарийхый жер атамалары» темасындағы экспедиция сапары басланған еди.

Экспедиция ағзалары Мойнақ районы аймағында жайласқан  Бердақ бабамыз туўылып, жасап өткен «Ақ қала» ҳәм «Қарақум ийшан» (Қутлы хожа ийшан) зыярат етиў орнына  гезектеги сапарын әмелге асырды.

Экспедицияның бул муқаддес дәргайға шөлкемлестирилиўи тегин емес, әлбетте. Себеби,  бул жерде сол дәўирдеги үлкен билимлендириў орайының тырнағын қалаған Қарақум ийшан, оның шынжырма-шынжыр әўладлары, халқымыздың ойшыл шайыры Бердақ, оның устазы Күнхожа ҳәм Өзбекистан халық жыршысы, Қарақалпақстан халық шайыры, қыссахан Аббаз Дабыловтың әкеси Аллаяр улы Дабыл ийшан ҳәм басқа да ағартыўшы-улама инсанлар жерленген.

Топар ағзалары усы исми-шәриплери аталған уллы бабаларымыздың естеликлерин ҳәм өз ўақтында үлкен билимлендириў орайларының бири болған Қарақум ийшан  мешит-медиресин  зыярат етти. Уллы бабалардың руўҳына қуран оқылды.

Экспедиция барысында Шымбай районы Шахаман елаты 46-санлы улыўма билим бериў мектебинде сол елат пуқараларының қатнасыўында мәдений-әдебий әнжуман болып өтти.

Әнжуманды Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары У.Қалилаев ашты ҳәм басқарып барды.

Онда Экспедиция баслығы, Өзбекистан Қаҳарманы, археолог Ғ.Хожаниязов, әдебиятшы М.Турсымуратов, тарийхшы-илимпаз Оңғарбай Юсупов, ҚМУдың араб тили оқытыўшысы Ә.Идирейсов, шайыр Г.Нурлепесова, тарийхшы-илимпазлар ҳәм басқа да қатнасыўшылар шығып сөйледи.

Олар өз сөзинде Бердақ бабамыз шығармаларының халқымыздың, әсиресе, жас әўладтың руўхый дүньясын байытыўдағы әҳмийети, соңғы пайытларда мәмлекетимиз тәрепинен мәдений естеликлерди қорғаўға ҳәм туризмди раўажландырыўға қаратылып атырған үлкен итибардан келип шығып, бул орынларды алдағы ўақытларда абаданластырыў жумысларын алып барыў бойынша, соның ишинде, Қарақум ийшан менен Қабақлы ата зыярат етиў орнының жол көрсеткишлери менен картасын дүзиў кереклигин,  сондай-ақ, Бердақ бабамыздың естелиги жанында пайызлы бағ жаратыў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

Ч.ЕЛМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы