Усы жыл 9-июнь күни Ташкент қаласында «Жаслар-келешек қурыўшысы» сүрени астында «Жас қосық атқарыўшылар» фестивалының Өзбекстан Республикалық басқышы өткерилди.

Фестивальға жерлесимиз Тимур Нуратдинов академиялық  вокал (опера) бағдары бойынша қатнасып, өз талантын көрсетип, фестивальдың екинши орын жеңимпазы болды.

Фестивальда және бир жерлесимиз Русланбек Жуманиязов бақсышылық бағдары бойынша қатнасып, үшинши орынға ылайықлы деп табылды.

Мағлыўмат орнында сонны да айтып өтпекшимиз,  Тимур Нуратдинов Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти. Фестивальда Г.Гендельдиң «Самсона» ариясын, С.Бобоевтың «Ёр кетди» романсын атқарып шықты.

Русланбек Жуманиязов пайтахтымыздағы Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжинде билим алмақта. Фестивальда «Ғәрип ашық»  дәстанын ҳәм «Қара көзли қарындасым» (сөзи И.Юсупов) қосықларын атқарды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң  хабаршысы