Пайтахтымызда Александр Сергеевич Пушкин туўылған күниниң 219 жыллығына  бағышланып илаж өткерилди.

Шайыр естелиги бой тиклеген сулыў бағқа министрликлер ҳәм ведомстволар, жәмийетлик шөлкемлер, миллий мәденият орайлары, дипломатиялық корпус ўәкиллери, жазыўшы ҳәм шайырлар жыйналды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары комитетиниң баслығы Р.Қурбанов, Жазыўшылар аўқамы баслығының биринши орынбасары М.Ҳожиматов, Россия Федерациясының елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси В.Тюрденев, Рус миллий мәдений орайының басшысы А.Аристов ҳәм басқалар өзбек ҳәм рус халықларының дослығын беккемлеўде әдебияттың әҳмийети шексиз екенин атап өтти.

Еки ел арасындағы әдебий байланыслар жақсы раўажланбақта. Ташкентте Александр Пушкинге, Москвада Әлийшер Наўайыға естелик орнатылғаны да халықларымызды өз-ара уқсас мақсет ҳәм әжайып көркем ақыл-ойдың жемиси байланыстырып турғанының үлгиси болып есапланады.

Илажда Пушкин естелигине гүллер қойылды, шайыр дөретиўшилигинен үлгилер оқылды.

Г.БОБОЕВА,

ӨзАның хабаршысы