Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында узақ жыллық тәнепистен кейин А.Бегимов ҳәм Т.Алланазаровлардың «Ғәрип-ашық» музыкалы драмасының премьерасы болып өтти.

Халқымыз сүйип тамаша ететуғын, театр репертуарынан орын алған классикалық шығармалардан есапланған бул спектакль мине арадан 28 жыл өткеннен кейин Қарақалпақстан  көркем өнер ғайраткери Бәўетдийин Баймурзаев тәрепинен қайта сахналастырылды.

Атап өтилгениндей, бул музыкалы драма ең дәслеп 1955-жылы сахналастырылған болса, тийкарғы рольлерди  Юлдаш Мамутов ҳәм  Тохта Рахмановалар атқарып шықты. Соң 1955 ҳәм 1972-жыллары қайта сахналастырылды. 1957-жылы Ташкент қаласында өткерилген Қарақалпақстан мәденияты ҳәм әдебияты күнлеринде пайтахт сахналарында қойылып, тамашагөйлер тәрепинен жоқары баҳаланды.

Халқымыздың тарийхы ҳәм өтмиши сәўлелендирилген бул шығарма елимиз ғәрезсизликке ерискеннен кейин қайта қолға алынып, 1991-жылы Бәўетдийин Баймурзаев тәрепинен қайта сахналастырылды. 1991-жылы Қазақстан Республикасының Алматы қаласында болып өткен Қарақалпақ театр күнлеринде қойылып, жоқары табысқа еристи.

Музыкалы драмада Баҳадыр Разымбетов (Ғәрип), Инжайым Көмекбаева (Шасанем), Өзбекстан халық артисти Б.Назарымбетов (Шахаббаз), Өзбекстан халық артисти М.Сапаева(Абадан), Қарақалпақстан халық артисти С.Дәўлетова (Гүлсәнем), М.Үсенов (Ҳәкимзада), А.Аманиязов (Абдулла) ҳәм басқалар өзлерине тасырылған рольлерди шеберлик пенен атқарып шығып, тамашагөйлердиң қоллап-қуўатланыўына миясар болды.

— Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 3-август күни елимиздиң дөретиўши зыялы ўәкиллери менен ушырасыўда миллий мәдениятымызды, әдебиятымызды ҳәм көркем өнеримизди раўажландырыўға байланыслы әҳмийетли мәселелерди, соның ишинде театр сахналарында тарийхый шығармаларды қойыўды ўазыйпа етип қойған еди, —дейди сахналастырыўшы режиссёр Бәўетдийин Баймурзаев. — Бундай тарийхый шығармалар қайсы дәўирде қойылса да өз қунын жойтпайды, тамашагөйлердиң сүйиспеншилигине миясар болып бара береди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.