Республикамыз көлеминде өткерилип киятырған барлық концерт бағдарламаларында рәңбәрең композициялары менен турақлы қатнасып киятырған «Айқулаш жулдызлары» қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли жәмәәти 5-июнь күни пайтахтымыздағы Амфитеатрда өзиниң «Аўылда той» атамасындағы есап бериў концерт бағдарламасын өткерди.
Концерт бағдарламасында «Аўылда той», «Бир кеса шай», «Сәўдигим», «Байрам гүлдәстеси», «Арал жигитлери», «Қарақалпақ қызлары», «Шоқ жигитлер», «Сәўдигим», «Назлының», «Бес перде» ҳәм басқа да композициялары орын алып, сондай-ақ, онда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақтанға хызмет көрсеткен артистлер Гүлхатийша Айымбетова, Мақсет Өтемуратов, Бегис Темирбаев, Бахтияр Жуматаев, Байрам Пердебаев, «Жигитлер» топарының қосықларына ансамбльдиң ойыншылары аяқ ойынлар атқарды.
Онда ансамбльдиң аяқ ойыншылары Айшолпан Кинбаева, Дана Ержанова, Азиза Елмуратова, Муҳаббат Бекчанова, Үмида Матчанова, Рахат Алланиязовлардың шеберлик пенен атқарған аяқ ойынлары тамашагөйлердиң алғысына миясар болды.
Мағлыўмат орнында соны да айтып өтпекшиз, «Айқулаш жулдызлары» қарақалпақ мәмлекетлик фольклор ансамблиниң дүзилгенине быйыл 60 жыл толады.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы