6-февраль күни Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Қазақстан Республикасы Бас министри Олжас Бектенов пенен телефон арқалы сөйлесиў өткерди.

Сөйлесиў алдынан Өзбекстан Бас министри Олжас Бектеновти Қазақстан Бас министри етип тастыйықланғаны мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлады.

Сондай-ақ, Мәмлекетимиз Басшылары тәрепинен ҳүкиметлеримиз алдына Өзбекстан-Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў жолында қойылған әҳмийетли ўазыйпаларды тығыз бирге ислесиўде әмелге асырыўға үмит билдирди. Алдынырақ, Өзбекстан Бас министри қазақстанлы кәсиплесине бул лаўазымға тастыйықланғаны мүнәсибети менен қутлықлаў хаты жиберген еди.

ӨзА