Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында усы жылдың 5-июнь күни саат 18:00 де Асан Бегимов ҳәм Төреш Алланазаровлар тәрепинен исленген «Ғәрип ашық» музыкалы драмасының қайта сахналастырылған премьерасы болып өтеди. Бул ҳаққында театрдың Телеграмдағы каналы мәлим етти.

 

 

Хабарда жазылыўынша, спектакльде бас роллерди Баҳадыр Разымбетов (Ғәрип) ҳәм Инжайым Көмекбаевалар (Шахсәнем) атқарады.

Мағлыўмат ушын, музыкалы драма 5-июньнан баслап 10-июньға шекем тамашагөйлердиң итибарына усынылады.

 

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.