Нөкис кәншилик институтында «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан – 2030» стратегиясы «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы пәрманы жойбарының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке түсиндириўге бағышланған илаж болып өтти.

Илажда институт оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда институт директоры А.Каипбергенов, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президент пәрманы жойбары бойынша кең түрде мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстанда еркин пуқаралық жәмийетин қурыў, жәмийетте реформалар басламашылары принципин әмелге асырыў мақсетинде халықтың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы қатнасын кеңейтиўге қаратылған бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилип, жергиликли бюджет қаржыларын халықтың пикири тийкарында жумсаў бойынша басламалы бюджет жойбарын әмелге асырыў жолға қойылды. Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиўден алдын кең жәмийетшиликтиң додалаўынан өткериў кереклиги белгиленди ҳәм сол сыяқлы көплеген басқа механизмлер әмелиятқа енгизилмекте.

Усы жылдың 30-январь күни «Өзбекстан – 2030» стратегиясының «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманының жойбары кең жәмийетшилик додалаўына қойылды. Додалаўлар 31-январьдан 9-февральға шекем даўам етеди.

Жойбар 100 мақсетти қамтым алған 7 блоктан ибарат болып, бириншиси Жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар, екиншиси Бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша реформалар, үшиншиси Стратегияның социаллық сиясат бағдарындағы реформалар, төртиншиси Стратегияның экономика бағдарындағы реформалар, бесиншиси Стратегияның суў ресурсларын үнемлеў ҳәм экология бағдарындағы реформалар,  алтыншысы Стратегияның мәмлекет басқарыўы ҳәм суд-ҳуқық бағдарындағы реформалар,  жетиншиси Стратегияның қәўипсизлик ҳәм сыртқы сиясат бағдарындағы реформалар, деп аталады. Бул алдынғы жыллары әмелге асырылған реформалардың даўамы сыпатында халқымызға пайдалы, оның абаданлығына хызмет етиўши және бир басқыш болып есапланады.

Халқымыздың еркин ҳәм абадан, қүдиретли Жаңа Өзбекстанды  қурыў тилегин, қәлеўин-еркин-ықрарын әмелге асырыў, ҳәр бир пуқараға өз потенциалын раўажландырыў ушын барлық мүмкиншиликлерди жаратыў, саламат, билимли ҳәм руўхый бәркамал әўладты тәрбиялаў, глобал өндиристиң зәрүрли буўынына айналған күшли экономиканы қәлиплестириў, әдалат, нызам үстинлиги, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты кепилликли тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстанның ҳәр бир пуқарасы усы пәрман жойбарына jamoatchilik.uz, uzbekistan 2030.uz платформалары арқалы өз усынысларын бериўи мүмкин.

Илажда Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыўда пуқаралық жәмийети институтларының роли ҳәм әҳмийети, әсиресе, жуўапкер шөлкемлер тәрепинен жүкленген ўазыйпалардың ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы бойынша жәмийетшилик мониторинги ҳәм жәмийетлик тыңлаў сыяқлы илажларды шөлкемлестириўге байланыслы мәселелер бойынша түсиниклер берилди.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги