Президент Шавкат Миризиёевтиң басшылығында 5-февраль күни социаллық тараўлардағы әҳмийетли ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Өзбекстанда социаллық мәмлекет қурыў стратегиялық мақсет етип белгиленген. Халықтың турмысы ушын шараятлар жаратыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм спорт тараўларын раўажландырыў бойынша илажлар көрилмекте.

Соңғы жети жылда мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 27 проценттен 74 процентке шекем жетти. Жаӊа мектеплер қурылып, қосымша 700 мыӊ оқыўшы орны жаратылды. Президент мектеплери қурылды, қәнигелестирилген мектеплер көбейди. Жоқары оқыў орынларының саны 200 ден асып, қамтып алыўы 42 процентке жетти. Билимлендириў ҳәм медицинада жеке меншик секторға кеӊ жол ашылып, сапаға умтылыў пайда болды.

Соның менен бирге, бул тараўларда халық пенен ислесиў, стандартларды жаӊалаў ҳәм санластырыў бойынша кемшиликлер бар. Мәжилисте усы сыяқлы машқалалар талланып, быйылғы ўазыйпалар белгиленди.

Барлық мектепке шекемги билимлендириў орынларын миллий қәдириятларымызға сай оқыў-методикалық материаллар менен тәмийинлеў, аўқат тәмийнаты, қатнас, төлем пулы сыяқлы процесслерди толық санластырыў зәрүрлиги атап өтилди. Бақша басқарыўшыларына талабанларды таӊлап алыў ҳәм лаўазымға тайынлаў, тәрбияшылардыӊ тәжирийбесин арттырыў мәселелерине де тоқталып өтилди.

Билимлендириў тараўында ўазыйпалар жүдә көп. Сонлықтан өткен ҳәптеде Жойбар офиси шөлкемлестирилди ҳәм оған үлкен илимий-әмелий тәжирийбеси бар қәнигелер жәмленди. Енди бул офис Билимлендириўди раўажландырыў илимий-методикалық орайы менен биргеликте мектеплерде математика, физика, химия, биология ҳәм шет тиллери бойынша оқыў реже ҳәм бағдарламаларын халықаралық стандартлар тийкарында жаӊалайды. Оқыўшы ҳәм муғаллимлердиң билимин баҳалаўда халықаралық тәжирийбелер (PISA, TIMSS, PIRLS) басқышпа-басқыш енгизиледи.

Президент мектеплери билимлендириў бағдарламасы және 1 мыӊ мектепте қолланылады. Олардыӊ материаллық-текникалық базасы соған муўапық жақсыланады. Мектеплерге «тил ийелери»ин алып келиў әмелияты кеӊейтиледи.

Жаслар мектеп дәўиринде-ақ, ҳеш болмаса, бир өнерди ийелеп, үлкен өмирге қәдем қойса, өз жолын табады. Усы мақсетте 50 кәсип-өнер дизими дүзилип, олар бойынша оқыў ҳәм әмелият бағдарламалары ислеп шығылады. Мектеплерде устаханалар, исбилерменлер ҳәм қәнигелерди шақырған ҳалда дөгереклер шөлкемлестириледи, «Кәсиплик билимлендириў устасы» лаўазымы ашылады. Мектептеги бос орынлар исбилерменлерге оқыўшыларды кәсип-өнерге оқытыў ушын бийпул пайдаланыўға бериледи. Оқыў курсын жуўмақлап, имтиханнан өткен жигит-қызларға маманлық сертификаты бериледи.

Мәмлекетимиз басшысы мектеплердиги тәрбия ҳәм мәнаўият мәселесине өз алдына тоқтап өтти. Оқыўшыларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў арқалы оларда «ҳуқықбузыўшылыққа қарсы иммунитет» пайда етиў зәрүрлиги атап өтилди. Мектеплердеги 2 мың инспектор-психолог штаты Ишки ислер министрлигинен Миллий гвардия системасына өткерилиўи белгиленди.

Сабақлардағы қатнасқа, тәрбиясы аўыр оқыўшыларға айырықша итибар қаратылады. Ата-аналар ҳәм мәҳәлле басшыларының бул бойынша жуўапкершилиги арттырылады. «Мектеп – ата-ана – мәҳәлле» байланысы тийкарында электрон сәўбет платформасы иске түсириледи.

Жаслар арасында ғалаба ен жайған социаллық тармақлар талланып, олардың зыянлы тәсиринен қорғаныў ҳәм унамлы тәрепинен пайдаланыў илажлары көриледи. Сондай-ақ, ата-аналар ушын перзент тәлим-тәрбиясы бойынша халықшыл тилде қолланбалар таярланады.

– Бул басламалар жолға қойылса, мектеп билимлендириўи бойынша ата-анада жуўапкершилик, муғаллимде миннетлеме, оқыўшыда исеним, билимлендириў ҳәм тәрбияда сапа, мәҳәлледе болса қадағалаў болады, – деди Президент.

Профессионал ҳәм жоқары билимлендириўдеги айырым бағдарлар ҳәзирги мийнет базарына, технологиялық жаңаланыўларға сәйкес емеслиги көрсетип өтилди. Жумыс бериўшилерде үлкен мүтәжлик, студентлерде потенциал ҳәм қәлеў бар. Бирақ оларды байланыстыратуғын үзликсиз система жоқ.

Сонлықтан енди Кәсиплик билим ҳәм тәжирийбелерди раўажландырыў республикалық кеңеси ҳәм Мийнет базары изертлеўлер институты билимлендириў тараўындағы Жойбар офисине бириктириледи.

Талап жоқары болған 100 кәсип стандартлары Германия, Швейцария ҳәм Уллы Британия тәжирийбеси тийкарында жаңаланады. Бунда маманлық талабы жумыс бериўшиниң талабына бейимлеседи. Профессионал билимлендириў устазларына жаңа стандартлар бойынша оқытыў талаплары қойылады.

Жаңа оқыў жылынан баслап, техникумларда оқытыў «академиялық» ҳәм «жумысшы кәсип» компонентлериниң үзликсизлигин тәмийинлейтуғын жаңа система тийкарында жолға қойылады. Онда колледж-техникумның 1-2-курсындағы билимлендириў бағдарламалары, сабақлықлар, билимди баҳалаў критериялары ҳәм муғаллимлерге талаплар жоқары оқыў орынлары менен бирдей болады.

Техникумларда да «кредит системасы» енгизилип, пәнди өзлестириў бойынша топланған «кредитлер» жоқары оқыў орынларында тән алынатуғын система болады. Яғный, колледж-техникумда еки жыл даўамында жетерли «кредит» топлаған оқыўшылар «2+2» ямаса «2+3» бағдарламалары тийкарында жоқары оқыў орынларының екинши яки үшинши курсларында билимлендириўди даўам еттириў имканиятына ийе болады.

Колледж-техникумда оқып, жумысын өндирис даўам еттирмекши болғанлардың тараўдағы абырайын арттырыў бойынша да жаңа система жолға қойылады. Енди колледж-техникумда «жумысшы кәсип» бағдарында оқығанлар еки яки үш жыл ислеп, тәжирийбе арттырғанынан кейин, имтихан тапсырып, бакалаврға тең маманлық дәрежесин алыўы мүмкин.

Жуўапкерлерге сырт ел тәжирийбеси тийкарында жоқары оқыў орны, техникум ҳәм колледжди бир-бирине байланыстырыў шәртлери ҳәм тәртибин ислеп шығыў тапсырылды. Жоқары оқыў орынларына статус бериўдиң анық талапларын белгилеў, бакалавр бағдарларын оптималластырыў, билимлендириў бағдарламаларын дүньядағы 300 ең жақсы жоқары оқыў орны бағдарламасы тийкарында жаңалаў ўазыйпасы қойылды.

«Эл-юрт умиди» қоры Президент Администрациясы қурамына өткерилип, сырт елде оқыў бойынша жаңа система енгизилетуғыны белгиленди.

Халықтың турмысында үлкен орын тутатуғын тараўлардан бири бул денсаўлықты сақлаў. Мәжилисте бул бойынша әҳмийетли мәселелерге айырықша итибар қаратылды.

Басланғыш медицина системасында сапа ҳәм қәнигелердиң жетиспеўшилиги атап өтилип, Денсаўлықты сақлаў министрлигине тараўдағы барлық вакансияларды онлайн платформаға жайластырып, кадрларды жумысқа алыў бойынша ашық система жаратыў тапсырылды.

Қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайлары, бәринен бурын  аўыл халқына хызмет етиўи кереклиги атап өтилди. Оларды басланғыш буўын менен байланыстырыў, жумыс системасын санластырыў бойынша тарсырмалар берилди.

Кеселликлерди ерте анықлаў мақсетинде ендиги жағында қәўип топарына киретуғын жүрек­-қан тамыр, онкология ҳәм эндокрин кеселликлери скринингинен өткериў системасы өткериледи. Буның ушын республика кардиология, эндокринология, онкология орайлары жуўапкер болады.

Сондай-ақ, онкология бойынша ҳәр бир ерте анықланған жағдай ушын медицина бригадаларына сыйлық бериў енгизиледи. Бул тәжирийбе 1-майдан Қашқадәрьяда басланады ҳәм кейинги жылдан басқа аймақларда жолға қойылады.

Сырт ел экспертлерин шақырып, гөнерген клиникалық протокол ҳәм стандартлар халықаралық критерияларға сәйкеслендириледи. Кеселлиги жеңил наўқасларды дәри менен емес, иммунитетти көтеретуғын тәбийғый өнимлер, физикалық шынығыў ҳәм фитотерапия менен емлеў кеңейтиледи.

Медицина тараўындағы 23 орай, 12 жоқары оқыў орны, 2 тәжирийбе арттырыў орайына заманагөй менеджерлер жумысқа алынып, халықаралық аккредитациядан өткериледи. Буның нәтийжесинде шыпакер ҳәм мийирбийкелер жаңа тәртипте оқытылады, емлеўдиң сапасы артады, дәри жазыў азаяды, ең әҳмийетлиси – раўажланған клиникалар орталығы кирип келеди.

Соңғы еки жылда медицина тараўын санластырыўға бюджеттен 90 миллиард сум қаратылды. Соның нәтийжесинде халыққа көплеген қолайлықлар жаратылды. Енди «Электрон поликлиника», «Электрон емлеўхана» ҳәм «Электрон медициналық карта» системалары иске түсириледи. Кепиллик берилген пакетке кирген дәрилерди электрон рецепт тийкарында бериў жолға қойылады. Ўәлаят емлеўханалары да электрон жоллама системасына жалғанады.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир ана ҳәм бала өлимине «айырықша жағдай», деп қараў керек екенлигин атап өтти. Туўыў үйлерин заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў, ҳәмиледар ҳәм туўыў жасындағы ҳаял-қызлардың саламатлығын беккемлеў, акушер ҳәм мийирбийкелерди қосымша оқытыў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәденият тараўында алдын белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы талланды. Ҳәр бир районда кинозалы, китапханасы ҳәм дөгерек ханалары болған мәденият орайын қурыў, аймақларда мәдений илажлар өткериў ҳәм жасларды көркем өнерге қамтып алыў мәселелери көрсетип өтилди.

Сондай-ақ, мәҳәллелерди ғалабалық спорт түринен бирине қәнигелестириў, аймақлар ҳәм республика көлеминде жарыслар өткериў бойынша ўазыйпалар қойылды.

Усы жылы Парижде болып өтетуғын жазғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлық мәселелери де көрип шығылды. Спортшылардың жолланмаларды қолға киргизиў ҳәм жарысларға жақсы таярлық көриўи ушын барлық шараятлар жаратылатуғыны айтылды. Оларды тереңлескен медициналық тексериўден өткериў, фармакология ҳәм диетология тәрепинен сапалы тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды.

ӨзА