Бул ҳаққында Президент басшылығында өткерилип атырған социаллық тараўдағы әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған мәжилисте мәлим етилди.
Бирақ, математика, оқыў ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша өткерилген 2022-жылғы PISA халықаралық бағдарламасы нәтийжелери тараўда исленетуғын жумыслар еле көп екенин анық көрсетти.
Яки, 500 мектепте жаӊа баҳалаў системасы енгизилип, ҳақыйқый билим қай дәрежеде екени анықланды.
Ҳәзирги күде 1-11-классларда шет тилге ажыратылған 984 саат шеӊберинде муғаллимлердиӊ ярымы да “B1” дәрежеге ийе бола алмай атыр.
Сондай-ақ, айырым аймақлардағы маманлық арттырыў орайларыныӊ жумысы көринбей атыр.
ӨзА