30-май күни Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбе сарайында 1-июнь-Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен «Жер шарында тынышлық» атамасында көргизбе өткерилди.

Көргизбе Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы менен биргеликте шөлкемлестирилип, онда Өзбекстан Көркем өнер академиясы жанындағы Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеби, Нөкис қаласындағы Әмет бақсы атындағы 12-санлы, сондай-ақ, 22-cанлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң, Шымбай мириўбет майыплығы болған шахслар ушын ерлер интернат үйи оқыўшыларының акварель ҳәм қол өнери жумыслары қойылды.

Жас художниклердиң тәсирли исленген акварель жумыслары, атап айтқанда, «Бахытлы балалық», «Ана меҳри», «Аўылымның  балалары», «Жас мәўсими» тематикаларындағы дөретпелери, жанры, ислеў техникасы менен бири-биринен өзгешелинип, олардағы сюжетлердиң  рәңбәеңлиги көзге тасланып турды.

 

Жас художниклер тәрепинен исленген дөретпелер мазмуны, балалардың дүньяға көз қарасы, түсиниги, гөззаллыққа умтылыўы, гирбиңсиз таза сезимлерге толы пәк кеўиллери реңлердиң анық ҳәм әпиўайылылығы менен итибарды өзине тартады.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы