Өзбекстан Республикасы Конституциясының жаңа редакциясы 2023-жыл 1-майдан өзиниң нызамлы күшине кирди.

Жаңа редакциядағы Конституцияның мазмун-мәниси ҳаққында айтатуғын болсақ, онда белгиленген конституциялық нормалардың орынланыўын сөзсиз тәмийинлеў, барлық тараўларда инсан қәдириниң шын мәнисинде жоқарылаўына, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысты «инсан – жәмийет – мәмлекет» деген системаға тийкарланған жаңа ҳәм заманагөй тәризде басқарыў имканиятын береди.

Әлбетте, жаңа редакциядағы Конституцияның орынланыўын толық тәмийинлеў барлық дәрежедеги мәмлекет уйымлар ҳәм шөлкемлердиң биринши гезектеги баслы ўазыйпасы болып табылады. Усы мақсетте белгиленген илажлар бағдарламасына бола, мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳәм суд-ҳуқық системасы хызметкерлериниң жаңа конституциялық талапларға муўапық билим ҳәм көнликпесин аттырыў ушын 3 басқышлы бағдарлама дүзилди.

Конституцияда кәмбағаллықты қысқартыў, бәнтликти тәмийинлеў, жумыссызлықтан қорғаў бойынша нормалар айқын белгиленди.

Тийкарғы Нызамымызда ҳәр кимниң турақ жайға ийе болыў ҳуқықы атап көрсетилген. Бул норманың әмелге асырылыўы ҳәр бир пуқара, атап айтканда, жас шаңарақлардың өз баспанасына ийе болыўын тәмийинлеп, адамлардың турмыс дәрежесиниң барған сайын жақсыланыўына беккем тийкар салатуғынына гүман жоқ.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 30-статьясында,
ҳеш ким рәсмий жәрияланбаған нызам тийкарында ҳүким етилиўи, жазаға тартылыўы, мүлкинен ямаса басқа бир ҳуқықынан айрылыўы, ҳеш ким бир жынаят ушын қайта ҳүким етилиўи мүмкин емеслиги белгиленген.

Жаңаланған Конституцияның 31-статьясында болса, ҳәр бир инсан жеке өмириниң қол-қатылмаслығы, жеке ҳәм шаңарақлық сырға ийе болыў, өзиниң ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў ҳуқықына ийе. Ҳәр ким хат жазысыўы, телефон арқалы ҳәм басқа сөйлесиўлери, почта электрон ҳәм басқа хабарлары сыр сақланыўы ҳуқықына ийе.

Усы ҳуқықтың шеклениўине тек ғана нызамға муўапық ҳәм судтың шешимине тийкарланып жол қойылады. Ҳәр ким өзиниң шахсына байланыслы мағлыўматларды қорғаў ҳуқықына, сондай-ақ надурыс мағлыўматлардың дүзетилиўин, өзи ҳаққында нызамға қайшы жол менен топланған ямаса ҳуқықый тийкарларға ийе болмаған мағлыўматлардың жоқ етилиўин талап етиў, сондай-ақ ҳәр ким турақ жайға болған қол-қатылмаслық ҳуқықына ийе. Ҳеш ким турақ жайға онда жасаўшы шахслардың қәлеўине қарсы кириўи мүмкин емес.

Турақ-жайға кириўге, сондай-ақ, оннан шығарып алыўға ҳәм көзден өткериўге тек ғана нызамда нәзерде тутылған жағдайлар менен тәртипте жол қойылады. Турақ жайда тинтиў өткериўге тек ғана нызамға ҳәм судтың шешимине муўапық жол қойылады.

Жаңаланған Конституцияның 44-статьясында “Судтың шешими менен тайынланған жазаны өтеў тәртибинен ямаса нызамда нәзерде тутылған басқа жағдайлардан тысқары мәжбүрий мийнет қадаған етиледи. Балалар мийнетиниң баланың денсаўлығына, қәўипсизлигине, минез-қулқына, ақылый ҳәм физикалық раўажланыўына қәўип салыўшы, соның менен бирге, оның билим алыўына тосқынлық етиўши ҳәр қандай түрлери қадаған етилетуғынлығы” белгилеп қойылған.

Конституция миллий экономикалық системаның фундаментал тийкарларын белгилейтуғын ең әҳмийетли сиясий-ҳуқықый ҳүжжет есапланады. Сол себепли Жаңаланған Конституцияның 65-статьясында “Пуқаралардың абаданлығын арттырыўға қаратылған Өзбекстан экономикасының тийкарын меншиктиң ҳәр қыйлы түрлери қурайды. Мәмлекет базар қатнасықларын раўажландырыўға ҳадал бәсеки ушын шараятлар жаратады, тутыныўшылардың ҳуқықлары үстинлигин есапқа алған ҳалда экономикалық жумыс, исбилерменлик ҳәм мийнет етиў еркинлигине кепиллик береди. Өзбекстан Республикасында барлық меншик түрлериниң тең ҳуқықлығы ҳәм ҳуқықый жақтан қорғалыўы тәмийинленеди. Жеке меншикке қол қатылмайды. Меншик ийеси өз мүлкинен нызамда нәзерде тутылған жағдайлардан ҳәм тәртиптен тысқары ҳәм судтың шешимине тийкарланбаған ҳалда айрылыўы мүмкин емеслиги” нәзерде тутылған.

Улыўмаластырып айтқанда, жоқарыда атап өтилген әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўда мәмлекет экономикалық сиясатының конституциялық мазмунын қурайды. Бул норманың киргизилиўи мәмлекет ҳәм исбилермен арасындағы қатнас нызам талабы ҳәм базар принциплери тийкарында әмелге асырылыўын ҳәм ҳәмме ушын тең болған бизнес орталығын жаратыўды тәмийинлейди.

 

К.Қыпшакбаев,

Қарақалпақстан Республикасы

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик

судының судьясы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги