Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде «Қарақалпақстан Республикасы жаңа раўажланыў басқышында: аймақлық реформаларды әмелге асырыў процесслери» темасында баспасөз конференциясы болып өтти.

Конференцияда атап өтилгениндей, бүгинги күни елимиздиң жаңа раўажланыў басқышында аймақларды, район ҳәм қалаларды комплекс ҳәм теңсалмақлылықта социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў заман талабына айланып бармақта.

Журтбасшымыз ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен усы жылдың өзинде республикамыздағы халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға, ушырасып атырған экологиялық, социаллық ҳәм экономикалық машқалаларды, әсиресе, аймақлардың раўажланыўындағы теңсалмақлылықты қәлиплестириўге қаратылған жүдә әҳмийетли қарарлар қабыл етилмекте.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң  2017-жыл 18-январьдағы «2017-2021-жылларда Аралбойы регионын раўажландырыў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарына муўапық, халықтың саламатлығын тиклеў ҳәм қорғаў, экологиялық машқалаларды кемейтиў, инженерлик-коммуникациялық тармақларды қурыў, соның менен бирге Мойнақ, Шоманай, Қанлыкөл, Тахтакөпир, Шымбай районларында санаат тараўларында жаңадан шөлкемлестирилип атырған микрофирмалар менен киши кәрханаларды салық төлемлеринен азат етиў көзде тутылған. Ал, усы жыл 28-февральдағы «Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын 2017-2018-жылларда экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарда улыўма баҳасы 52,3 миллиард сум, соннан 990 мың АҚШ доллары муғдарындағы шет ел инвестициясы есабынан 72 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў ҳәм усының нәтийжесинде 1343 турақлы жумыс орынларын жаратыў, 12 бос турған объектлерди «ноль» баҳада исбилерменлерге бериў, 20 гектар майданда шөлкемлестирилген киши санаат зонасындағы санаат кәрханаларын ҳәм жеке исбилерменлерди 10 жыл даўамында салықлардан азат етиў, соның менен бирге туризм потенциалын арттырыў илажларының белгилениўи усы районның ҳәр тәреплеме раўажланыўына тийкар жаратады.

Буннан басқа, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасында санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыўға бағдарланған 111-санлы қарарында болса, улыўма баҳасы 1240,0 миллиард сум ҳәм 38,2 миллион АҚШ доллары муғдарындағы инвестицияларды енгизиў есабынан 2262 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 15 809 жумыс орынларын жаратыў белгиленген.

Усы жоқарыдағы бағдарламалардың табыслы әмелге асырылыўы нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасында келеси еки жыллықта халық дәраматларын 1,6 есеге, санаат өнимлери және хызмет көрсетиў көлемин 1,5 есеге, аўыл хожалығы өнимлери көлемин  1,3 есеге арттырыў күтилмекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы