И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде өткерилиўи белгиленген «Шығыс халықлары музыка мәдениятында классикалық музыканың орны ҳәм әҳмийети» атамасындағы илимий-әмелий конференцияға Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери қатнасыўы режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы Тәрбия Сейтназарова конференция қатнасыўшыларының арасында Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы оқытыўшысы, Өзбекстан халық артисти Муяссар Раззақова, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының оқытыўшысы, халықаралық таңлаўлар лауреаты Аяпберген Өтегенов ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының студенти Ақылбек Пиязов, сондай-ақ, усы оқыў орынларында жумыс алып барып және оқып атырған қарақалпақстанлы көркем өнер ғайраткерлери, жас талант ийелери бар екенлигин хабарлады.

Сайтымызды оқып барың. Онлайн репортажларымыз даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги