Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги тәрепинен бир қатар министрликлер ҳәм ведомстволар, жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасында ҳәм ўәлаятларда және Ташкент қаласында «Китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў-уллы мақсетлеримизге ерисиўдиң әҳмийетли кепили» сүрени астында республикалық «Китап байрамы» өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Китап өнимлерин баспадан шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арртырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары елимиздиң мәдений турмысында үлкен ўақыя болды. Баспасөз, баспа ҳәм мәлимлеме тараўының беккем ҳуқықый тийкарын жаратыў мақсетинде бир қатар нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжет қабыл етилди.
Ҳәзир елимизде 1 677 баспа сөз кәрханасы, 118 басылым мәмлекетлик дизимге алынған. Заманагөй технологиялар менен үскенеленген Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы, 14 ўәлаятлық мәлимлеме-китапхана орайы, район орайлары ҳәм қалалардағы билимлендириў мәкемелеринде 200 ге шамалас мәлимлеме-ресурс орайы тәрепинен халыққа мәлимлеме-китапхана хызметлери және «Китап дүньясы» , «Шығыс зыялысы» ҳәм «Өзмәмкитапсаўдатәмийнаты» комплекслери тәрепинен китап саўдасы хызметин көрсетиў жолға қойылды.
Усы қарарда белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, китаптың жәмийетимиздиң руўхый ағартыўшылық-турмысындағы орнын буннан былай да арттырыў, уллы бабаларымыздың естелигин, заманымыз қаҳарманлары тымсалын ҳақыйқый ҳәм халықшыл сәўлелендиретуғын әдебиятлардың салмағын арттырыўда жазыўшы ҳәм басып шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў, халық, әсиресе, жаслар арасында китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў мақсетинде республикалық «Китап байрамы» шөлкемлестирилди.
– Өзбекстан Баспа сөз ҳәм хабар агентлиги тәрепинен 2018-жылдың өткен дәўири даўамында бир қатар жумыслар әмелге асырылды, – дейди агентликтиң бас директоры Лазиз Тангриев. – Баспа-полиграфия дөретиўшилик үйлери тәрепинен мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине, мектеплердиң китапханаларына, билимлендириў орынлары ҳәм басқа да шөлкемлерге китап және китап өнимлери бийғәрез түрде берилди. 2018-жыл 25-28-апрель күнлери Астана қаласында 150 ден аслам баспалар қатнасқан «888 Евроазия халықаралық китап көргизбе ярмаркасы»нда 29 адамнан ибарат Өзбекстан делегациясы ҳүрметли мийман сыпатында қатнасты. Көргизбе-ярмаркада Өзбекстан атынан қатнасқан баспа-полиграфиялық дөретиўшилик үйлери жәми 16 түрли дәрежедеги дипломлар менен сыйлықланды, көргизбеде Өзбекстан миллий павилоны ең жақсы экспозиция, деп табылды. Бул табыслардың негизинде елимизде китапқумарлыққа қаратылып атырған жоқары итибар жатыр. Пайтахтымызда өткерилген республикалық «Китап байрамы»на орайлық – Сайилгоҳ көшесиниң таңланыўында да үлкен мәни бар. Усы көшени жаслар руўхыйлықтан сабақ алатуғын, китапқа ҳүрмет көрсетилетуғын руўхыйлық орнына айландырыўды мақсет еткенбиз.
Илаждың салтанатлы ашылыў мәресиминде «Үлгили китап дүкәны» таңлаўының ўәлаятлық басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими өткерилди ҳәм онда ҳәр бир ўәлаяттың ең жақсы деп табылған китап дүкәнлары ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
– Бүгин маған берилген сыйлықты елимизде китапқумарлықты арттырыўға қаратылған итибардың үлгиси деп билемен, – дейди «Үлгили китап дүкәны» таңланыўының Бухара ўәлаятлық басқышының жеңимпазы, Бухара «Китап дүньясы» ЖШЖ баслығы Эъзоз Бобомурадов. – Ағартыўшылық байрамының илажы елимиз бойлап ҳәр жылы еле де үлкен көлемде даўам етиўи керек. Сол жол менен жас әўлад ўәкиллерин китапқа дос, қәдирдан етиў мүмкин.
Еки күн даўам еткен илаж шеңберинде пайтахтымыздың орайы – Сайилгоҳ көшесинде, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятлардың орайларында 100 ден аслам баспалар, дөретиўшилик үйлери, баспасөз кәрханалары және китап саўдасы шөлкемлери тәрепинен китап ҳәм китап өнимлериниң көргизбелери шөлкемлестирилди.
Китап байрамында авторлар өзлериниң шығармалары ҳаққында кең китапқумарлар орталығына сөйлеп берди.
Республикалық «Китап байрамы» илажында Жаслар аўқамы тәрепинен викториналар шөлкемлестирилди. Мектеп оқыўшыларының, жоқары оқыў орны студентлериниң үлкен қызығыўшылығына себеп болған усы жойбарда – китапқумарлар ушын арналған сораўлардың ҳеш қайсысы жуўапсыз қалмады. Бул елимиз бойлап китапқумарлық мәдениятының тез пәтлерде ен жайып атырғанынан дәрек береди.
Илаж шеңберинде Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы менен биргеликте шөлкемлестирилген «Шавкат Раҳмон ҳәм жаслар» сахналастырылған спектакли де инам етилди. «Мениң биринши китабым», «Жаслар мушайрасы» сыяқлы бағдарламалар да шөлкемлестирилди. Әсиресе, «Атақлылар китап оқыйды» атамасында көркем өнер, театр ҳәм кино дөретиўшилери, спорт усталарының келиўи ҳәм қатнасыўшылар менен сәўбетлесиўи бәршеге унады.
«Ең белсенди қатнасыўшы», «Ең жақсы стенд», «Ең жақсы китапқумар шаңарақ», «Ең жақсы китапқумар», «Жас китапқумар» викториналарының жеңимпазлары анықланды ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Илаж соңында «Китап қумарларды қутлықлаймыз» атлы концерт бағдарламасы қойып берилди.
Инабат АҲАТОВА,
ӨзА ның хабаршысы