Сенаттыӊ Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети өткен жыл даўамында халықты қәўетерге салып атырған, сондай-ақ, мәмлекет көлеминде әҳмийетли болып турған машқалалы мәселелерди шешиў үстинде қызғын жумыс алып барды.

Олардыӊ шешимине Ҳүкимет, жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардыӊ итибары қаратылды, мәселелерди шешиў илажлары көрилди.

Атап айтқанда, жалпы мәжилисте Назарбек көпири әтирапында жер асты жолы (туннель) қурылысы кешигип атырғаны халыққа қолайсызлықлар келтирип шығарып атырғаны атап өтилген еди.

Зангиата районындағы жәмийетшилик ўәкиллериниӊ Сенатқа мүрәжаты комитет тәрепинен үйренилди ҳәм усы мәселе жалпы мәжилисте додаланғаннан соӊ бул жағдай Автомобиль жоллары комитети ҳәм Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги қадағалаўына алынып, мәселе қысқа мүддетте өз шешимин тапты.

Комитет тәрепинен көтерилген көп квартиралы жайлар ҳәм халық тығыз болатуғын объектлерде пайдаланылатуғын лифтлерге байланыслы машқалалар Министрлер Кабинети тәрепинен үйренип шығылды.

2023-жыл 15-ноябрь күни Министрлер Кабинетиниӊ тийисли қарары қабыл етилди. Оған бола, 2024-жыл 1-марттан баслап көп квартиралы жайларда лифт ҳәм эскалаторлардан пайдаланыў менен байланыслы кемшиликлерди сапластырыўға қаратылған анық илажлар белгиленди.

Соныӊ менен бирге, “Uzbekistan Airways” акционерлик жәмийетине қараслы билет сатыў кассалары жумысында ескирген бюрократиялық усыллар елеше шекем сақланып қалып атырғаны, пуқаралар тәрепинен өз жақынлары ушын билет сатып алыў процесинде олардан пуқаралық паспорттыӊ түп нусқасы талап етилип атырғаны, түп нусқасы усынылмағанда болса билет сатылмай атырғаны мәлим етилген еди. Министрлер Кабинети тәрепинен бул мәселе де толық үйренилип, билетлер саўдасына байланыслы кемшилик ҳәм нызамбузарлықларға шек қойыў бойынша тәсиршеӊ илажлар көрилди ҳәм бул олардыӊ орынланыўы қатаӊ қадағалаўға алынды.

Комитеттиӊ 2023-жылдағы жумысы бойынша есабаты ҳәм 2024-жылы әмелге асырылыўы режелестирилген жумысларды додалаўға бағышланған мәжилисте усы сыяқлы нәтийжелер мәжилис қатнасыўшыларына усынылды.

Мәжилисте өткен жыл даўамында 41 мәселе көӊрип шығылғаны атап өтилди.

“Жол ҳәрекети ҳаққында”ғы нызам жолларда пуқараларымыздыӊ қәўипсизлигин тәмиийнлеўге, жол ҳәрекетин дурыс ҳәм системалы жолға қойыўға, Мәмлекетлик басқарыў ҳәм ўәкилликли уйымлар арасында нәтийжели бирге ислесиў системалары енгизилиўине, сондай-ақ, жол ҳәрекети қатнасыўшыларыныӊ ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўға хызмет етпекте.

Комитет өткен жылы нызамшылық жумысы менен бирге қадағалаў-таллаў жумысына да айрықша итибар қаратты.

Атап айтқанда, мәмлекетимизде халық арасында зәҳәрли газ ийисинен зәҳәрлениў жағдайларыныӊ алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳәм тийисли нызамшылыққа әмел етиў жағдайы бойынша өткерилген үйрениў ҳәм нәтийжелерди додалаў жәмийетшиликтиӊ итибарын тартты.

Жер асты участкаларында алтын излеўшилер усылында баҳалы металларды қазып алыўда әмелдеги нызамшылық нормаларыныӊ орынланыўы жағдайы бойынша алып барылған үйрениўлер нәтийжелери комитет мәжилисинде қызғын додаланды.

Өткен жыл даўамында комитет ағзалары тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келип түскен 5 мыӊ 437 мүрәжат, соннан 2 мыӊ 373 мүрәжат Сенатта турақлы тийкарда ислеўши сенаторлар тәрепинен көрип шығылды. Орынларда болса жәми 4 мыӊ 598 пуқара қабыл етилди.

Соныӊ менен бирге, тийисли аймақ ҳәм сайлаўшылардыӊ мәплерине байланыслы машқалаларды шешиў бойынша парламентлик қадағалаўдыӊ сенатор сораўы формасынан жигирма мәрте пайдаланылды.

Буннан тысқары, өткен 2023-жылы сенаторлардыӊ талапшаӊлығы менен орынларда халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў, ишки жолларды қурыў ҳәм оӊлаў, электр энергиясына байланыслы машқалаларды сапластырыў, улыўма сайлаўшыларды қәўетерге салып атырған машқалаларды шешиў бойынша да салмақлы жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, сенатор басламасы менен Ташкент ўәлаяты, Орта Шыршық районындағы Чаӊтепа мәҳәллеси толық ишимлик суўы менен тәмийинленди. Сурхандәрья ўәлаяты бойынша да халықты ишимлик суўы ҳәм электр энергиясы менен байланыслы машқалаларды сапластырыў бойынша салмақлы жумыслар орынланды.

Комитет мәжилисинде 2024-жылы әмелге асырылыўы режелестирлген жумысларға да қысқаша тоқтап өтилди.

Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзА