Жақында Өзбекистан Республикасы Бас Прокуратурасы, Ишки ислер ҳәм Әдиллик министрликлери, Жоқарғы Суды, Мәмлекетлик Бажыхана ҳәм Салық комитетлери басшылары үш күн даўамында Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районларында, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында, мийнет жәмәәтлеринде көшпели қабыллаўларын өткерди.
Көтерилген машқалалар тийкарынан халықтың бәнтлиги, жаңа жумыс орынларын жаратыў, турақ жай, коммуналлық хызмет көрсетиў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, банк-кредит, пенсия тәмийнаты ҳәм напақалар, пластикалық карталар арқалы төлемлерди әмелге асырыў, исбилерменлик және ҳуқықбузарлыққа байланыслы мәселелер болып, олардың көпшилиги сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты.
– Оқыў орнын питкергеннен берли жумыссыз едим,-дейди Мойнақ районының турғыны Инамжан Опаев. – Өзбекистан Республикасы Бас Прокуратурасы тәрепинен шөлкемлестирилген бүгинги көшпели қабыллаўға усы мәселе бойынша мүрәжат еттим. Мүрәжатым қанаатландырылды. Бүгинниң өзинде Прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросына жумысқа қабылландым. Буннан оғада қуўанышлыман ҳәм Елбасшымызға шексиз миннетдарман.
– Қабыллаўға Мойнақ ҳәм «Тикөзек» елатлы пункти арасында жолаўшылар тасыйтуғын автобус жөнелисин жолға қойыўды өтиниш етип, мүрәжат еттим,-дейди тикөзекли нураний апамыз Қалжамал Баўбекова. – Мүрәжатым үйренип шығылды ҳәм унамлы шешилетуғын болды.
– Көп жыллардан берли Ишки ислер уйымында хызмет етип келдим,-дейди ишки ислер хызметиниң капитаны Музаффар Сабуров. – 2012-жылы билип билмей өзим басқарған машинаны авария етип алдым. Сол себепли жумыстан босатылған едим. Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министриниң қабыллаўында болып, усы мәселе бойынша арза берген едим. Мүрәжатым үйренип шығылып, мени Ишки ислер уйымына қайта жумысқа алатуғын болды. Буннан қуўанышым шексиз.
Булар қабыллаўханаларға келип түскен мүрәжатлардың бир бөлеги. Илажларға келген барлық пуқаралардың мүрәжатлары көрип шығылып адамлардың дәрти тыңланды. Елбасшымыздың шарапаты менен жаратылған бундай шараятлар жергиликли пуқаралар арасында жүзеге келген ҳәр қандай мәселени унамлы шешиўге бағдарланып алып барып атырған даналық сиясаты халқымыздың турмыстан разы болып жасаўына хызмет етпекте.
Қабыллаўларда барлық тараўларда нызамшылықты тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, кәсип-өнер колледжи питкериўшилерин жумыс пенен тәмийинлеў, инсан ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бағдарындағы жумыслар бойынша мәпдар шөлкемлердиң басшыларының халық алдындағы есапларын тыңлаў системасын жетилистириў зәрүрлигине дыққат қаратылды.
Н.РЕЙПНАЗАРОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы