22-май күни Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплексинде «Музейлер жумысларын раўажландырыўдың аўҳалы ҳәм перспективалары» атамасында семинар шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.

Илажға Өзбекстан музейлери ўәкиллери, ҒХҚ хызметкерлери, тараў экспертлери, сырт елли мийманлар, атап айтқанда, ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкилханасының баслығы Дендев Бадарч қатнасты.

Дөңгелек стол сәўбетинде Өзбекстанда музей жумысларын раўажландырыў мәселелери, музейлер алдында турған актуал машқалалар, сондай-ақ, Өзбекстанның Халықаралық музейлер кеңесиндеги қатнасы мәселеси көрип шығылды.

Илаж шеңберинде Өзбекстан музейлер ассоциациясының дүзилиўи бойынша режелер айтып өтилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги