Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «2018-2019-жыллары заманагөй кинотеатрлар тармағын қурыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Ҳүжжетте билдирилиўинше, «Өзбеккино» Миллий агентлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық хызмет миллий банки, Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги, «ӨзқалақурылысыЛИТИ» МУК пенен биргеликте сырт еллердиң алдынғы тәжирийбесин ҳәр тәреплеме үйрениў тийкарында заманагөй ҳәм ретро фильмлер ушын еки заллы кинотеатрлардың ҳәм жазғы кинотеатрлардың үлгили жойбарларын ислеп шығыў белгиленген.

«Өзбеккино» МА, «Өзмиллийбанк», Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2018-жылдың 1-июнына шекемги мүддетте кинотеатрлар қурылысы бойынша жумысларды әмелге асырыў ушын исбилерменлик субъектлерин белгилейди.

Қарар тийкарында 2018-2019-жыллары заманагөй кинотеатрлар тармағын қурыў бағдарламасы тастыйықланды. Бағдарламаға муўапық, елимизде 2018-2019-жыллары жәми 49 кинотеатр, соның ишинде 1 этажлы 25 кинотеатр, 2 этажлы 12 кинотеатр, 12 жазғы кинотеатр қурылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги