Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының Контрабандаға қарсы гүресиў бөлими хызметкерлери ишки ислер ҳәм мәмлекетлик қәўипсизлик хызметкерлери менен биргеликте Нөкис қаласында жайласқан аўқатланыў орынларының биринде гезектеги оператив илаж өткерди.

Илаж даўамында 59 дана «Габапентин Канон» атамасындағы күшли тәсир етиўши психотроп дәри қуралларын «шәртли қарыйдар»ға сатып атырған пуқара илаж қатнасыўшылары тәрепинен иркилди.

– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасында күшли тәсир етиўши затлардың айланысын тәртипке салыў ҳаққында»ғы 818-санлы қарарына муўапық, психотроп ҳәм күшли тәсир етиўши дәри қураллары, усақлап сатыў тек ғана социаллық дәриханалар ҳәм нәшебентлик қураллар, психотроп затларды сақлаў, тарқатыў бойынша лицензияға ийе болған дәриханалар тәрепинен әмелге асырылыўы тийис,-дейди басқарманың Контрабандаға қарсы гүресиў бөлими хызметкери О.Жадигеров.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Физикалық тәреплер жағынан бажыхана шегарасы арқалы товарларды алып өтиўди және де тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында көрсетилген муғдардан артықша күшли тәсир етиўши дәри өнимлерин физикалық тәреплердиң нызамға қайшы түрде сақлаўы, сатыўы ҳәм пайдаланыўы ушын жуўапкершилик бар.

Ҳәзирги ўақытта анықланған усы факт бойынша дәслепки сорастырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.