Бүгинги қарақалпақ журналистикасында устазлар ҳаққында сөз болғанда белгили дөретиўши, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Елмурат Байназаров дәслепкилерден болып тилге алынады.

Өмириниң дерлик 40 жылдан аслам ўақтын усы тараўға бағышлаған Елмурат Байназаров өзиниң мийнет жолын 1972-жылы ҳәзирги «Қарақалпақстан жаслары» газетасында әдебий хызметкер болып ислеўден баслады. Соң «Еркин Қарақалпақстан» газетасында аға хабаршы, бөлим баслығы, жуўаплы хаткер, бас редакторлың орынбасары лаўазымларында ислеп, 1991-жылдың октябрь айында республикамыздағы рус тилинде шығатуғын «Вести Каракалпакстана» газетасына бас редактор болып тайынланды. Бул дәўирлерде оның шөлкемлестириўишилик уқыбы, мийнет сүйгишлиги, жоқары дөретиўшилик потенциалы айқын көзге тасланып, республикамызда ғалаба хабар қуралларының жумысын жетилистириўге, миллий журналистика тараўына қәбилетли кадрлар таярлаўға өзиниң мүнәсип үлесин қосты.

Елмурат аға Қарақалпақстан хабар агентлигинде де жемисли мийнет етип, 1986-1988-жыллары Өзбекстан телеграф агентлиги (ӨзТАГ) ниң Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы ҳәм бас редакторы, 2002-2015-жыл аралығында Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры болып иследи. Агентликке басшылық еткен дәўирлерде жумыс процесине жаңа  мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў, шолыўшылар менен аўдармашылардың  дөретиўшилик жумысларын шөлкемлестириўге айрықша әҳмийет берди. Нәтийжеде агентлик тәрепинен таярланып атырған ҳәр бир мақала ҳәм материалға талап артып, агентликтиң республикамыз ғалаба хабар қуралларының арасында мүнәсип орны жаратылды.

Елмурат ағаның тараўдағы узақ жыллық жемисли мийнетлери есапқа алынып, 1999-жылы оған «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» ҳүрметли атағы берилди.

Е.Байназаров тәжирийбели журналист, шебер аўдармашы болыў менен бирге жақсы дөретиўши де. Оның «Билим» баспасынан «Кәсибим журналист, лақабым «орыс», «Қарақалпақстан» баспасынан «Адамгершилик өлшеми» атамаларындағы китаплары басылып шықты.

Устазымыз Елмурат ағаның күтилмегенде өмирден көз жумғаны кеўиллерди қабартып, көпшиликти қайғыға салды. Оның халық ийгилиги ушын ислеген пидәкерлик мийнетлери, үлги боларлық ислери кеўлимизде мәңги жасайды. Марҳумның шаңарақ ағзаларына, туўған-туўысқанларына  терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

Қарақалпақстан  хабар агентлиги мийнет жәмәәти