Сапасы кепилленбеген парфюмерия өнимлерин мәмлекетимизге жасырын түрде алып кириўге болған урыныўлар бажыхана уйымлары тәрепинен өз ўақтында анықланбақта.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының «Даўыт ата» шегара бажыхана постында бул бойынша және бир-еки факт анықланған.

– Усы постқа қоңсы мәмлекеттен кирип келген пуқара дәслепки сораўға бола баҳасы 16,5 миллион сумлық 63 дана парфюмерия өнимлерин ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз алып кирип атырғаны анықланды. Сондай-ақ, және еки жағдайда бажыхана хызметкерлериниң аўыз-еки сораўында айтылмаған ҳәм жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген, ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз 32,5 миллион сумлық 353 дана парфюмериялық өнимлердиң алып кирилип атырғаны анықланды,-дейди басқарма аға инспекторы Ш.Жуманиязова.

Ҳәзирги ўақытта анықланған бул фактлер бойынша дәслепки сорастырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.