Олий Мажлис Сенатының Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети, Адвокатлар палатасы ҳәм «Регионаллық қарым-қатнас» халықаралық мәмлекетлик емес шөлкеми менен биргеликте «Жыл адвокаты – 2023» таңлаўы өткерилди.

Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет, адвокатлардың жумысын баҳалаў менен бирге, тараўдағы унамлы нәтийжелерди үгит-нәсиятлаў болып есапланады. Сондай-ақ, олардың адвокатлық тараўы ҳәм әдил судлаўды раўажландырыўға қосқан үлесин тән алыў болып табылады.

Атап өтилгениндей, таңлаўға шекем таңлап алыў басқышлары өткерилип, онда Адвокатлар палатасының ағзасы болған адвокатлар қатнасты. Қабыл етилген арзалар көрип шығылды, таңлап алынды ҳәм олардың нәтийжелери додаланды.

«Жыл адвокаты – 2023» таңлаўында алты номинация бойынша талабанлар көрип шығылды.

Соның ишинде,

– «Санжар Якубов атындағы сыйлық» (ҳуқық тараўында жоқары профессионаллық ҳәм маманлық ҳәм қорғаў тараўындағы жоқары жетискенликлерди еткен адвокат),

– «Ричард Стоддард атындағы сыйлық» (Өзбекстан Республикасы әдил судлаў системасына унамлы өзгерислерди алып кириў бағдарында айрықша ҳәрекет еткен адвокат),

– «Жарқын жулдыз сыйлығы» (айрықша жетискенликлерге ерискен 35 жасқа шекемги адвокат),

– «Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплерин қорғағаны ушын сыйлығы» (ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын зорлықтан қорғаў бойынша айрықша ҳәрекет еткен адвокат),

– «Әззи топарлардың ҳуқықларын қорғаў ушын сыйлық» (әззи топарлар ҳуқықларын қорғаў бойынша айрықша ҳәрекет еткен адвокат),

– «Халықтың ҳуқықый билимданлығын арттырыўға қосқан үлеси ушын сыйлығы» (халықтың ҳуқықый билимданлығын арттырыўда айрықша ҳәрекет еткен адвокат) ийелери анықланды.

Номинация жеңимпазларын таңлаўда адвокатлардың әмелий жумысы, ерисип атырған жетискенликлери ҳәм халықтың арасында ерискен абырай-мәртебеси есапқа алынды.

Жеңимпазлар Олий Мажлис Сенаты ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлердиң баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.

Н.Абдураимова,

ӨзА