Шоманай районындағы Жумабай жыраў Базаров атындағы 13-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Қарақалпақстан халық жыраўы Бақберген Сырымбетов ҳәм оның шәкирти Өзбекстан мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем өнер институты Нөкис филиалының саз әсбаплары жәмәәтлери бақсысы бағдарының 3-курс студенти Кәрим Ҳабибназаров пенен ушырасыў кешеси болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

 

 

Халық жыраўы мектептиң миллий сазлар бөлими оқытыўшылары ҳәм оқыўшыларына әмелий сабақ өтип, олар менен өз ара пикир алмасты.

Ушырасыў даўамында Бақберген жыраў «Едиге» дәстанынан ҳәм шәкирти Кәрим Ҳабибназаров «Шөгирме» қосығын жырлап берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги