Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институтында «Химия ҳәм таў-кән санаатының әҳмийетли машқалаларының инновациялық шешими» атамасында илимий-техникалық конференция өткерилди.

 Конференцияға онлайн тәризде ҳәм тиккелей Россия, Украина, Қазақстан, Тәжикстан ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлердиң тараў қәнигелери, илимий-изертлеў орайлары, оннан аслам жоқары оқыў орынларынан профессор-оқытыўшылар, илимпазлар, студент-жаслар қатнасты.

Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институтының директоры, техника илимлериниң докторы, профессор А.Каипбергенов қатнасыўшыларды қызғын қутлықлап, конференцияда көрилетуғын мәселелердиң әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Конференцияда тараўдағы ең актуал машқалалар бойынша баянатлар жасалып, кеңнен додаланды. Атап айтқанда, геология, пайдалы қазылмаларды қазып алыў ҳәм қайта ислеў, химия технологиялары тараўлары бойынша 100 ге шамалас илимий мақала, тезис ҳәм презентациялар болып, конференция шеңберинде илимпазлар ҳәм изертлеўшилер жергиликли өндиристеги мәселелерге байланыслы бир қатар пикир-усынысларын билдирди.

Конференцияда И.Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университетинен О.Хайитов, Қазақстан Республикасының С.Байшев университетинен техника илимлериниң докторы А.Беркешова, Ферғана педагогикалық институтынан геология-минерология илимлериниң докторы А.Ибрагимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, тараўды раўажландырыў бағдарындағы изленислерин атап өтип, өз пикир-усынысларын билдирди.

















Атап өтилгениндей, бүгинги күнде тараўды раўажландырыў мақсетинде ири көлемли реформалар әмелге асырылып, мәмлекетимизде экономика ҳәм социаллық тараўларды жедел раўажландырыў, илимий-интеллектуаллық ҳәм финанслық ресурсларын толық пайдаланған ҳалда илимий-инновациялық  потенциалын күшейтиў, илимди, билимлендириўди үзиликсиз раўажландырып барыў бағдарын белгилеў, жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаў процесин сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў мақсетинде көплеген жумыслар исленбекте.

Президентимиздиң «Өзбекстан Республикасында илимди, билимлендириўди 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы ҳаққында»ғы пәрманында көрсетип өтилгениндей, илим-билимлендириў тараўындағы жетискенликлерди шыңына жеткериў, мәмлекеттиң социаллық-экономикалық стратегиясы бағдарламасының бири сыпатында белгиленбекте. Концепцияның орынланыўы ҳәм онда белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында, толық әмелге асырылыўы нәтийжесинде Өзбекстанды 2030-жылға шекем глобал инновациялық индекс рейтингинде дүньяның жетекши 50  мәмлекетиниң қурамына киргизиў, жас илимпазларды көбейтиў, олардың илимий жаңалығы ҳәм  инновациялық идеяларын әмелде кеңнен ен жайдырыў нәзерде тутылғанлығы мәмлекетимизде жоқары оқыў системасында алып барылып атырған илимий реформалардың мазмун-мәнисин  белгилеп береди.

Билимлендириў процесинде жасларға усынылып атырған бундай имканиятлар ертеңги  күнимиздиң ийелери болған жас әўладтың өз потенциалын толық көрсете алыўы, өзиниң таңлаған  кәсиби бойынша оқыўы, турмыста өз орнын табыўы ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын қәнигелер болып жетилисиўи ушын беккем тийкар жаратады.

Конференция топламы кәншилик иси илимий бағдары менен байланыслы болып, кәншилик исиниң әҳмийетли машқалалары ҳәм олардың инновациялық шешими, сондай-ақ республикамызда кәншилик тараўында әмелге асырылып атырған илимий изленислердиң нәтийжелерин ашып беретуғын мақала ҳәм тезислер тараў ҳәм өндиристеги жумысларды еле де жетилистириў ушын теориялық тийкар болып хызмет етеди.

Илимий-техникалық конференцияның екинши бөлими 6 секцияда даўам етти.

Онда ҳәр бир секция белгили бир тараў кесиминде бөлимлерге бөлинип, тараўдағы машқалалар бойынша баянатшылар өз илимий тезислери менен қатнасты.

Кәншилик тараўы өндирисиндеги экологиялық машқалалардың бағдары, химия ҳәм таў-кән санаатының әҳмийетли машқалаларының инновациялық шешими, кәншилик тараўында ислеп шығарыўда, экономикалық ҳәм социаллық шешимлеринде инновациялық санлы технологияларды енгизиў, химиялық технологиялардың заманагөй машқалалары, таў-кән санаатында машинақурылысы технологияларын автоматластырыўдың перспективалары додаланып, тараўдағы жаңалықлар, келтирилген машқалаларға инновациялық шешим ҳәм усыныслар тыңланды.

Конференцияда қатнасыўшылар арнаўлы сертификатлар менен сыйлықланды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги