Бурын хабар етилгениндей, 18-май күни  пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Халықаралық музейлер күни» мүнәсибети менен байрам илажы шөлкемлестирилди.

– Музейимизде бүгин үлкен байрам, – дейди музей директоры Гүлбаҳар Изентаева. Бүгин музейимизге келген мийманлар экспонатларды бийпул тамашалаўы мүмкин.

Музейди тамашалаўға пайтахтымыздағы орта арнаўлы улыўма билим бериў мектеплеринен, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринен, сондай-ақ, Шымбай ҳәм Хожели районларының мектеп оқыўшылары,  шет елли мийманлар қатнасты.

Илаж қатнасыўшылары нәзерине музей алдында «Әмиў толқыны» фольклор этнографиялық ансамблиниң, Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжиниң сондай-ақ, Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң жас талант ийелериниң йошлы композициялары инам етилди.

-Оқыўшыларымды мақтанышымызға айланған музейге экскурсияға алып келдик. Оларға миллий мийрасларымыз, ата-бабаларымыздың жасаған заманынан дәрек берип турыўшы экспонатларды мақтаныш пенен көрсеттик, – дейди Хожели районлық 22-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқытыўшысы Алмагүл Абдуллаева. Елимизде музейге болған итибар нәтийжесинде музей заманагөй көриниске ийе болды. Жасларымыздың тарийхты тереңнен үйрениўге мүмкиншилик жаратылды.

Еслетип өтемиз, бул сәнени байрам сыпатында белгилеў 1977-жылы Халықаралық музейлер кеңеси (International Council of Museum,  ICOM)  қарары менен қабыл етилген болып, бүгинги күнде  дүньяның 150ден аслам мәмлекетлери усы сәнени көтериңки руўхта белгилейди.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы.