Ҳүрметли медицина хызметкерлери!
Ең дәслеп, өз өмирин ел-журттың саламатлығын сақлаўдай уллы иске бағышлап киятырған сиз, әзизлерди кәсиплик байрамларыңыз – Медицина хызметкерлери күни менен шын жүректен қутлықлайман.
Биз Жаңа Өзбекстанда инсан қәдири ҳәм мәплерин тәмийинлеўди өз алдымызға уллы мақсет етип қойған екенбиз, бул жолда халқымыздың денсаўлығын беккемлеў ең әҳмийетли ўазыйпаларымыздан бири болыўы тәбийий.
Әйне усы мақсетте соңғы жылларда Өзбекстан денсаўлықты сақлаў системасы түпкиликли өзгермекте. Тараўдың материаллық-техникалық базасы, кадрлар потенциалы беккемленбекте. Системаға қыстаўлы емлеў ҳәм диагностика усыллары, инновациялық технологиялар кеңнен еңгизилмекте.
Әне сондай ҳәрекетлеримиз себепли бирлемши ҳәм маман медициналық хызметлер халықтың кең қатламларына кирип бармақта. Буның дәлилин усы жылдың өзинде орынларда 22 шаңарақлық поликлиника, 93 шаңарақлық шыпакерлик пункти ҳәм 394 мәҳәлле медициналық пункти шөлкемлестирилип, бирлемши медициналық хызметлер 2 миллион 100 мыңнан аслам халыққа жақынластырылғаны мысалында көриў мүмкин.
Бул ҳаққында сөз болғанда, 8 миллион 600 мың халық профилактикалық медициналық көриктен өткерилип, олардың 685 мыңы амбулаториялық, 72 мыңы болса стационарлық шараятта емленгени, скрининг тексериўлери арқалы 167 мың жерлесимизде жүрек-қан тамыр, 52 мыңында қантлы диабет кеселлиги анықланып, олардың саламатлығын тиклеў илажлары көрилгенин атап өтиў керек.
Әсиресе, туўма жүрек нуқсаны болған 2 мың баланың мәмлекет есабынан операция исленгени жас әўладқа меҳир ҳәм ғамхорлық көрсетиўдиң және бир үлгиси болды.
Тараўға мәмлекетлик медициналық қамсызландырыўы ҳәм санластырыў механизмлери менен бирге жеке меншик медицина мәкемелери жумысы да кеңнен еңгизилмекте. Емлеўханаларды заманагөй транспорт ҳәм медициналық инвентарлар менен тәмийинлеў дәрежеси кескин жақсыланбақта.
Әне усындай өзгерислер, жанкүйер шыпакерлер, жоқары тәжирийбели медицина қәнигелери, мийрибекелердиң машақатлы мийнети себепли жоқары технологиялық хирургиялық операциялары тек ғана пайтахтымызда емес, ал районларда да табыслы өткерилмекте ҳәм мыңлап наўқаслар өз дәртине шыпа таппақта.
Тараў қәнигелери мийнетин хошаметлеў, ис ҳақысын арттырыў барлық ўақытта итибарымыз орайында болып келмекте. Соңғы 7 жылда усы системада нәтийжели хызмет етип киятырған жерлеслеримизден 727си Ўатанымыздың ҳүрметли атақ, орден ҳәм медаллары менен сыйлықланды.
Бүгинги байрам мүнәсиебти менен олардың қатарына және көплеп медицина хызметкерлери қосылғанын өз алдына атап өтпекшимен. Пурсаттан пайдаланып, усы пидайы жерлеслеримизди жоқары сыйлықлары менен қутлықлап, бәрешесине өзимниң терең ҳүрметим ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдиремен.
Әзиз дослар!
Биз «Өзбекстан – 2030» стратегиясы шеңберинде медицина тараўында да үлкен өзгерсилерди әмелге асырыўды режелестиркенбиз. Атап айтқанда, халықтың орташа өмир көриў даўамлылығын 78 жасқа жеткизиў, буның ушын медицинаға бағдарланған қәрежетлер көлемин 2 есе асырыў, онкология, жүрек-қан тамыр, диабет ҳәм дем алыў жоллары кеселликлери бойынша ерте өлимди 2,5 есе кемейтиў, Өзбекстанды туберкулез кеселлигинен жырақ мәмлекетке айландырыў баслы ўазыйпамыз болады.
Сондай-ақ, 350 мың диабет ҳәм 1 миллион 500 мың жүрек-қан тамыр кеселлиги менен аўырған наўқасларды емлеў, медициналық жәрдемге мүтәж халықтың 70 процент мүрәжатлерин бирлемши буўынның өзинде шешиў, наўқасларды гемодиализ орынлары менен толық қамтып алыў бойынша да әмелий ислерди баслаймыз.
Халық арасында беккем денсаўлық гиреўи болған саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылады.
Қәдирли медицина хызметкерлери!
Бәршемиз биргеликте ҳәрекет етип, медицина тараўын шын мәнисиндеги халықлық системаға айландырыў бойынша алдымызда турған үлкен ўазыйпаларды әлбетте табыслы орынлаймыз.
Өз антына, кәсиби ҳәм мннетине садықлық пенен мийнет етип атырған, Әбиў Әлий ибн Синадай уллы ата-бабаларымыз дәстүлериниң даўамшылары болған сиз, әзизлер буннан былай да усы саўаплы жолда бар билим ҳәм тәжирийбеңизди аямайсыз, деп исенемен.
Сизлерди Медицина хызметкерлери күни менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, оғада даңқлы ҳәм жуўапкершиликли искерлигиңизде саламатлық, табыс ҳәм әўметлер, шаңарақлық бахыт ҳәм ығбал тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти