Жолаўшыларға қолайлықлар жаратыў мақсетинде Самарқанд қаласындағы автобусларда жаңа төлем түри енгизилди. Бул ҳаққында «Зарафшон» газетасы хабар бермекте, деп жазады Kun.uz.
Хабарда жазылыўынша, қаладағы 8 жөнелис бойынша қатнайтуғын 70 автобуста тәжирийбе формасында жол кирейлер арнаўлы пластик карта арқалы төленбекте.
Бунда өз мәнзилине жеткен жолаўшы автобус есигиниң алдына орнатылған «Валидаторы» арнаўлы аппаратына пластик картасын тийгизип, түсип кете береди.
Арнаўлы пластик карталар Самарқанд қаласындағы жетон сатыў шақапшаларында сатылмақта.
Бундай типтеги пластик картаға алдын ала пул өткерип қойыў керек болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги