Энергетика министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, 2024-жылы Россия Федерациясынан Қазақстан Республикасы аймағы арқалы Өзбекстан Республикасына нефть шийки заьын жеткерип бериў көлемин 1 миллион тоннаға жеткериў режелестирилмекте. Бул 2023-жылдың 3-ноябрь күни Москвада қол қойылған үш тәреплеме ҳүжжетте атап өтилген.

Ҳүжжетти Россия Федерациясы Энергетика министриниң биринши орынбасары П.Сорокин, Өзбекстан Республикасы энергетика министриниң биринши орынбасары А.Аҳмедхўжаев ҳәм Қазақстан Республикасы энергетика министриниң орынбасары Э.Аккенженов қол қойды.

Ҳүжжетте атап өтилиўинше, келисимди әмелге асырыўда «Омск – Павлодар – Шымкент – Шагир» нефть қубыры арқалы жүк тасыўды тәмийинлеўде айрықша итибар қаратылмақта.

Шәртнамада тәреплердиң узақ мүддетли тийкарда 2024-жылы ҳәм кейинги жыллары нефть шийки затын жеткерип бериўди 1 миллион тоннаға жеткериў бойынша коммерциялық шәртнамаларын әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиўи белгилеп қойылған. Соның ишинде, нефть шийки затының өз-ара қолайлы баҳаны келисиў ҳәм оның көлемин арттырыўды есапқа алған ҳалда, тәреплердиң мәмлекетлериниң аймағы бойлап нефть шийки затын толық көлемде тосқынлықсыз тасыў тәмийинленеди.

Бул шәртнама усы жылдың 6-7-октябрь күнлери болып өткен додалаўлар ўақтында үш мәмлекет басшылары арасында ерисилген келисимди жедел түрде әмелге асырыў, транспорт қәрежетлерин есапқа алған ҳалда, темир жол арқалы жеткерип бериўге қарағанда арзанырақ болған нефть қубырларының тәмийнатын раўажландырыў имканиятын береди.

Өзбекстан Республикасы ҳәм шегаралас аймақлардың нефть қубырлары инфраструктурасын раўажландырыўға жәрдемлесиў, нефть шийки заты менен турақлы тәмийинлеў ҳәм мәмлекетимизде жоқары сапалы бензин ҳәм басқа да жанылғы-майлаў материалларын ислеп шығарыў көлеминиң артыўы мүнәсибети менен Өзбекстандағы нефти қайта ислеўге қәнигелестирилген еки заводтың өндирис нәтийжелилигин жоқарылатыўға жәрдем береди.

Бензин ислеп шығарыўдың көбейиўи Өзбекстанда жанылғы қуйыў шақапшалары тармағын да кеңейтиў имканиятын жаратады. Бул болса хызмет көрсетиў ҳәм жанылғы сатыў географиясы бойынша халыққа сапа жағынан жаңа имканиятлар көрсетиў имканиятын береди.

Россия нефть шийки затының турақлы тәмийнаты нефтти қайта ислеў қуўатлықларын модернизациялаўға, сондай-ақ, жаңаларын қурыў ҳәм жоқары қосымша баҳаға ийе экспорт өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиўге жәрдем береди.

Н.Зиёдуллаева,

ӨзА