Дүнья жүзилик тазалық күни, 40 мыңнан аслам пайтахт турғынлары қатнасқан акция, 92 тонна шығынды, Нөкис қаласында өткерилген концерт бағдарламасы… Булардың барлығы – 5-ноябрь фотоларында
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың басшылығында 2021-жыл 2-ноябрь күнги өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, халықтың, әсиресе, жаслардың экологиялық мәдениятын арттырыў, қоршаған орталыққа болған дыққат-итибарын күшейтиў, ана тәбиятты келешек әўладлар ушын қорғаў, экологиялық жағдайды жақсылаў ҳәм де қоршаған орталыққа унамсыз тәсирлердиң алдын алыў мақсетинде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде 4-5-ноябрь күнлери Нөкис қаласы бойынша «Таза қала» акциясы өткерилди.
Мағлыўмат ушын, «Тазалық күни» ең дәслеп Эстонияда 2008-жылы шөлкемлестирилип, онда 50 мыңнан аслам ықтыярлылар қатнасқан ҳәм мәмлекетти шығындылардан тазалаў ушын бирге ҳәрекет еткен. Дүнья бойлап ҳәр жылы сентябрь айының үшинши шембиси күни «World clean up day», яғный «Дүнья жүзилик тазалық күни» акциялары өткериледи. Бир күн даўамында 180 нен аслам мәмлекет кеўиллилери бир мақсет жолында бирлеседи.
Өзбекстанда тунғыш рет «Дүнья жүзилик тазалық күни» 2019-жылы өткерилди ҳәм соннан берли ҳәр жылы республикамыз бойлап усы сәне кең түрде белгиленип киятыр. Елимизде «Ақыллы қала (район)» принципи тийкарында аймақлар онлайн бақлаўға алынған болып, нәтийжеде соңғы ўақытлары айырым пуқаралардың шығындыларды белгиленбеген орынларға таслап кетиўи үлкен жәриймаларға себеп болып атырғаны сыр емес. Арнаўлы хызмет көликлери турмыслық шығындыларды алып шығып кетиў ушын алдынғы шаўқымлы сигналдан басқаша, жағымлы нама астында ислеп атырғаны да халық ушын жаратылған қолайлықлардан бири. Ҳәр жылы дәстүрий түрде өткерилип киятырған акция усы жылы да өзгеше көтериңки руўҳта өтти. Себеби, бүгинги әўлад жаслары ертеңги келешеги ушын өзиниң жасап турған аймағын таза сақлаў, тәбиятқа болған ғамхорлығы ҳәм басқа да ийгиликли мақсетлер жолында бирлесип, өзинен үлкен бағ жаратып кетиўди өз жүрек төринде сезинеди.
«Таза қала» акциясының биринши күни – 5-ноябрь Нөкис темир жол вокзалы алдынан старт берилди. Илаждың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Нөкис қаласының ҳәкими Абатбай Данияровлар шығып сөйлеп, экологиялық акцияда қатнасып атырған барлық студент-жаслар, пуқараларға миннетдаршылық билдирип, әўмет тиледи. Буннан кейин, акция шеңберинде барлық жаслар отрядларға бөлинген ҳалда Нөкис қаласы аймағындағы турақ-жайлар, көшелер, жоқары оқыў орынлары, жәмийетлик орынларды абаданластырыў ушын атланды.
Статистикалық мағлыўматларға қарайтуғын болсақ, еки күн даўамында акцияға мәҳәллердеги жаслар, жоқары оқыў орынлары студентлеринен жәми 15 мыңнан аслам жаслар ҳәм 40 мыңнан аслам пайтахт турғынлары белсендилик көрсетти. Бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда әдеўир жоқары.
Акция даўамында ықтыярлы жаслар тәрепинен 225 гектарға жақын майдан абаданластырылып, 92 тонна шығындылар алып тасланды. Тазаланған орынларға 3 мыңнан артық мийўели ҳәм декоратив нәллер егилди.
Акция қатнасыўшылары тәрепинен Нөкис қаласындағы «Ҳаўа жоллары», «Дослық гүзары», «Ақ отаў», «Туңғыш қоныс», «Көк өзек», «Қумбыз аўыл», «Гүлзар», мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәм көп қабатлы турақ жайлардың аймағында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды.
Сондай-ақ, патранаж мийрибекелер ҳәм жаслар мәҳәллерде жасаўшы мийнет ветеранлары, нураныйлардың үйине барып, олардың денсаўлығы көриктен өткерилип, студент жаслар тәрепинен үй алды әтирапы шығындылардан тазаланды ҳәм үй жумысларына жәрдем көрсетилди.
Республикамыз бойлап еки күн даўам еткен «Таза қала» акциясы белсендилерин сыйлықлаў мәресими гала концерт пенен көтериңки руўхта жуўмақланды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм елимиздиң абаданлығын, қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеў ҳәм жасыл аймақлардың пайда етилиўинде жоқары шөлкемлескенликти көрсетип, мүнәсип үлес қосқан жоқары оқыў орынлары, мәҳәлле баслықлары ҳәм бир қатар жасларды сыйлықлап, миннетдаршылық билдирди. Атап айтқанда, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты, Қарақалпақстан медицина институты, Әл-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы, Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалы, Самарқанд ветеринария институтының Нөкис филиалы жәмәәтине шөлкемлестириўшилер тәрепинен миннетдаршылық хатлары ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды. Сондай-ақ, акция даўамында белсендилик көрсеткен пайтахтымыздағы мәкан пуқаралар жыйынлары басшыларына номинациялар бойынша миннетдаршылық билдирилип, саўғалар берилди. Буннан кейин, «Таза қала» акциясының жуўмақлаўшы гала концертине нәўбет берилди. Гала концерт эстрадамыздың бир қатар талантлы қосықшылары: А.Байниязов, П.Жолдасбаев, А.Алламбергенов, З.Махсудова, А.Аитжанов, И.Балтабаев, И.Муратбаев ҳәм ДЖлердиң қатнасыўында болып өтти.
Республикамыз аймағында қорғашан орталықты абаданластырыў ҳәм терек нәллерин отырғызыў бойынша өткерилген «Таза қала» акциясында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў ислери мәмлекетлик дәрежесине көтерилип, акцияны пухта таярлық пенен әмелге асырыў жолға қойылды. Демек, мәмлекетимизде экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў жолындағы әҳмийетли қәдемлер баслап жиберилди. Ҳәр бир мәҳәллениң тазалығына итибар қаратыў, бул қаламыздың еледе көркейиўине, ал, көше бойларына егилип атырған терек нәллери болса ертенги күни топырағы ҳасылдар ана жеримиздиң жасыл аймаққа айланыўында әҳмийетли есапланады.
Азизбек Дабылов,
Ҳәким Ержановтың түсирген сүўретлери
Қарақалпақстан хабар агентлиги