Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында 26-октябрь күни энергетика базары регуляторы жумысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары бойынша презентация өткерилди.

Мәмлекетимиздиң энергетика тараўы басқышпа-басқыш реформаланып келинбекте. Биринши басқышта басқарыў системасы өзгертилди. Соңғы жыллары 22 электр станциясы, соның ишинде, бурын генерация болмаған ўәлаятларда жаңа станциялар иске қосылды. Электр генерациясы системасына биринши мәрте жеке меншик капитал тартылмақта.

Ҳәзирги күнде жәми қуўатлықлар 85 миллиард киловатт саатқа жеткен. Келеси жыллары және 20 гигаваттлық қуўатлықларды иске қосыў мөлшерленген. Жети миллиард доллар жеке меншик инвестиция есабынан 9 гигаватт қуўатлылық жаратыў режелестирилген.

Жедел раўжланып атырған экономикамыз ҳәм халықтың өсип атырған талабын қанаатландырыў ушын электр ислеп шығарыў көлемин кеминде 120 миллиард киловатт саатқа жеткериў мақсет етилген. Жаңа қуўатлықларды иске қосыў ҳәм тармақларды толық модернизациялаўға 52 миллиард доллар инвестиция зәрүр екенлиги есап-санақ етилген.

Бундай үлкен көлемдеги инвестицияларды жеке меншик сектор қатнасысыз қәлиплестирип болмайды. Тараўдың жеке меншик инвесторлар ушын тартымлылығын арттырыў ушын болса, халықаралық тәжирийбе көрсеткениндей, бәринен бурын, ашық бәсеки орталығына ийе энергетика базарын жаратыў керек.

Мине, усы мақсетлер Өзбекстан Республикасы Президентиниң быйыл 28-сентябрьдеги «Энергетика тараўын реформалаўдың гезектеги басқышын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында белгиленген.

Оған бола, 2026-жылға барып, электр энергиясы талап ҳәм усыныс тийкарында қәлиплескен еркин, көтере саўда базары иске қосылады. Соның менен бирге, нормативлик-ҳуқықый базаны қәлиплестириў, базар инфраструктурасын жаратыў, энергетика системасын ең төменги буўынына шекем санластырыў, инсан факторысыз реал ўақытта ислейтуғын ақыллы басқарыў системасын (SCADA) енгизиў зәрүр.

Көплеген мәмлекетлерде бул реформалар ушын 15 жыл ўақыт кеткен. Мәмлекетимизде оны үш басқышта, 2030-жылға шекем жуўмақлаў режелестирилген.

Соның ушын, пәрманға муўапық, Энергетика базарын раўажландырыў ҳәм тәртипке салыў агентлиги дүзилди ҳәм оған энергорегулятор ўазыйпасы жүкленди.

Презентацияда энергетика министри Ж.Мирзамаҳмудов пәрманда белгиленген илажларды әмелге асырыў мүддетлери ҳәм тараўдағы режелер ҳаққында мәлимлеме берди.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге республиканы электр менен тәмийинлеў концепциясын ислеп шығыў бойынша анық көрсетпелер берди. Онда, еркин энергетика базарына өтиўдиң тийкарғы шәрти мәмлекетимизде электр энергиясына болған талапты толық тәмийинлеў ушын жетерли генерация қуўатлықларын жаратыў екени айрықша көрсетип өтилди.

Сондай-ақ, бирден-бир электр саўдасы платформасын жаратыў ҳәм 2024-жылдың ақырына шекем оны сынақтан өткерип, иске қосыў ўазыйпасы қойылды.

Президентимиз энергетика базарын еркинлестириў процесинде электр энергиясын халыққа республиканың барлық аймақларында 2035-жылға шекем бирдей баҳада сатылыўы талабына ҳәм тарифлерди белгилеўде социаллық қорғаў принципине қатаң әмел етиў шәрт екенлигин атап өтти.

Жаңа система нәтийжели ислеўи ушын үш бағдар – кадрлар таярлаў, тармақтың илим менен байланыслығын тәмийинлеў ҳәм санластырыўға айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бундай комплексли ислеў тәртибин орайдан баслап аймақларға шекем енгизиў тапсырылды.

Соның ушын агентликке билимли қәниге ҳәм сырт ел консультантлары жумысқа алынады. Хызметкерлер Испания, Қытай, Түркия ҳәм Германияға қәнигелик арттырыўға жибериледи. Сырт ел тәжирийбеси тийкарында елимизде де инженер, диспетчер, SCADA операторы ҳәм басқа да қәнигелерди таярлаў ушын оқыў курслары шөлкемлестириледи.

Презентацияда көрип шығылған мәселелер бойынша тараў жуўапкерлерине бир қатар тапсырмалар берилди.

ӨзА