Қаршы қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында Қашқадәрья ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис болып өтти.
Оазис халқыныӊ 42 процентинде артықша салмақ машқаласы себепли жүрек қан-тамыр ҳәм қантлы диабет кеселлиги көбейген.
Президентимиз бул жағдайдан тәшўишленип, саламат турмыс-тәризин үгит-нәсиятлаўды күшейтиў ҳәм ўәлаятта денсаўлықты сақлаў системасыныӊ потенциалын арттырыў зәрүрлигин атап өтти. Сондай-ақ, қосымша түрде россиялы бирге ислесиўшилер менен Китапта заманагөй кардиология орайын қурыў тапсырылды.
Ўәлаятта мобиль поликлиникалар хызмети жолға қойылады, ўәлаят көп тармақлы медицина орайы тийкарында 600 орынлық заманагөй клиника шөлкемлестириледи.
Мәжилис даўамында Қашқадәрьяда инвестиция, санаат, туризм, аўыл ҳәм суў хожалығы ҳәм социаллық тараўда белгилеп алынған тийкарғы ўазыйпалар бойынша ўәлаят ҳәкими ҳәм басқа жуўапкерлердиӊ режелери тыӊланды.
ӨзА