Қаршы қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған мәжилисте ўәлаятта үйрениўлер нәтийжесинде анықланған машқала ҳәм имканиятлардың шешимлери көрип шығылды.

Келеси жылы ўәлаятқа 1 миллиард доллар тиккелей инвестиция тартыў тийкарын ҳәзирден жаратыў керек екенлиги атап өтилди.

Соның ишинде, Дийқанабад, Китап ҳәм Қаршы районларындағы санаат зоналарында бос турған 100 гектар жерлерге исбилерменлер 300 миллион доллар инвестиция киргизип, 3,5 мың жумыс орнын жаратыў басламасы менен шыққан.

Усындай, Қаршы қаласы ҳәм Китапта жумыс ислемей атырған пахта терминалларында санаат технопаркин шөлкемлестирип, кеминде 5 мың турақлы жумыс орнын жаратыў имканияты бар.

Гөш, сүт, мийўе-овощты қайта ислеў тараўында 50 миллион долларлық жойбарларды иске қосыў тапсырылды.

Қазан қаласында қол қойылған 337 миллион долларлық 21 жойбар ҳәм Өзбекстан – Қытай бизнес-форумында келисилген 352 миллион долларлық 20 жойбарды жуўмағына жеткериў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА