Қаршы қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Қашқадәрья ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис болып өтпекте.
Мәмлекетимиз басшысы дүнья жүзиндеги жағдай ҳәм қарама-қарсылықлар барған сайын күшейип атырғаны, бундай шараятта бийпәрўа болып, «күн өтсе болды» мәнисинде жумыс ислейтуғын басшылар ең үлкен душпан екенин атап өтти.
– Мәмлекетимиздиң, халқымыздың тынышлығы, абаданлығы ҳәм келешеги ушын жаңа кәрханалар, жумыс орынлары, жаңа базарлар, инвестиция, үлкен түсимлер керек, – деди Президент.
Ҳәким ҳәм министрлер тийкарғы бирге ислесиўши мәмлекетлер базарындағы өзгерислер, саўда шеклеўлери даўам етеберсе, өнимлерди қай жерге ҳәм қалай сатыў керек, қайсы кәрханаға қалай жәрдем бериў зәрүр, деген мәселелер үстинде бас қатырыўы шәрт екени көрсетип өтилди.
ӨзА