Президент Шавкат Мирзиёев Қашқадәрья ўәлаятына сапарының екинши күнинде Қаршы қаласындағы «Қавали» киши санаат зонасында жайласқан бир қатар кәрханалар менен танысты.
Санаат зонасының жер майданы алты гектар болып, инженерлик инфраструктурасы жақсы шөлкемлестирилген, транспортқа оғада қолайлы. Сол себепли өндирис жедел раўажланбақта.
Ҳәзирги ўақытта бул жерде қурылыс материаллары, мебель қурылысы, тоқымашылық, фармацевтика ҳәм былғары санаат бағдарындағы 11 жойбар жайластырылған. Соннан төртеўи иске қосылған болып, импорттың орнын басатуғын өнимлер таярланбақта.
Мәмлекетимиз басшысы олардағы жумыс процесин, өнимлерди көзден өткерди.
«Pegas» кәрханасында темирди қайта ислеў, лак-бояў, есиклер ҳәм текстиль өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылған. Бул жойбардың баҳасы 13 миллиард сумнан аслам болып, бул жерде 150 жаңа жумыс орны жаратылды. Кәрхана өнимлерине ишки базарда талап жоқары. Кейинги басқышта қурылыс тараўында әҳмийетли есапланған басқа да шийки затлар ислеп шығарыў жолға қойылады. Нәтийжеде және сонша жаңа жумыс орны жаратылады.
«1-санлы комплексли жойбарлаў қурылыс-монтажлаў» жеке меншик кәрханасы да қурылыс материалларына қәнигелескен. Улыўма баҳасы 18,5 миллиард сум болған бул жойбар жылына дерлик 2 миллион квадрат метр профнастил ҳәм 250 мың квадрат метр сэндвич панельлер ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Кәрханада ҳәзирги ўақытта 45 адам мийнет етпекте. Өним көлеминиң артыўы есабынан келешекте жумыс орынлары санының артыўы мөлшерленбекте.
«Karshi W and D Factory» кәрханасында 50 түрдеги есиклер, жумсақ ҳәм қатты мебельлер ислеп шығарылады. Бул жойбарға 8,5 миллиард сум қаржы қаратылып, Германия, Түркия ҳәм Қытайдан заманагөй технологиялар алып келинип орнатылған. Кәрханада 26 жаңа жумыс орны жаратылды.
Санаат зонасында және жети инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта. Олар иске қосылса, және 725 халықтың бәнтлиги тәмийинленеди.
Президентимиз усы жерде Қытай мәмлекетинен келтирилген заманагөй автобус ҳәм микроавтобусларды көзден өткерди. Исбилермен Нарзулло Намозовтың айтыўынша, 60 орынға ийе автобусларға талап жоқары. Қашқадәрьяға оннан 30 и алып келинген, жәми 100 ге жеткериў режелестирилген. Келешекте бундай қолайлы автобуслар Қаршы – Шаҳрисабз ҳәм Қаршы – Китап жөнелислеринде қатнай баслайды.
Мәмлекетимиз басшысы өнермент-исбилермен Дилором Қувватова менен де сәўбетлести. Узақ жыллар сырт елде жумыс ислеген бул ҳаял исбилерменлерге жаратылып атырған имканиятларды еситип, елимизге қайтып келген. Бүгин оның басшылығында тигилип атырған көрпе-көпшик, тон ҳәм басқа да өнимлер ойпатта өтимли болып есапланады.
Д.Қувватова исбилерменлик ушын жаратылып атырған имканиятлардан қуўанышлы екенин, келешекте жумыс орынларын 300 ге жеткериў мақсет етилгенин айтты.
Усы жерде Қашқадәрья ўәлаятында 2024-жылға мөлшерленген инвестициялық жойбарлардың презентациясы өткерилди. Атап айтқанда, келеси жылы тиккелей сырт ел инвестициясы ҳәм кредитлер есабынан жәми 4 миллиард доллар муғдарында 36 ири жойбар, 656 миллион доллар муғдарында 114 аймақлық жойбар қәлиплестирилген. Олар нефть-газ, химия, тоқымашылық, былғары-аяқ кийим ҳәм қурылыс санааты, туризм, аўыл хожалығы тармақларында болып, тийкарынан, локализациялаў ҳәм қайта ислеўдеги бослықларды толықтырыўға қаратылған.
ӨзА