Президент Шавкат Мирзиёев 24-октябрь күни аймақлардың раўажланыўы, халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде Қашқадәрья ўәлаятына келди. Сапар етиў даўамында санаат кәрханалары, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң жумысы, мәҳәллелердиң турмысы менен танысылды.
Мәмлекетимиз басшысы пүткил жумысы даўамында ҳәр бир тараў бойынша тиккелей орынларға шығып, халық пенен сөйлесип, халықтың турмысынан келип шығып жумыс алып барады. Мәмлекетимиз аймақларына сапарлардан тийкарғы мақсет – аўыл халқының турмыс дәрежесин көтериў, районларды санаатластырыў, жумыс орынларын көбейтиў, социаллық шараятларды жақсылаў.
Бул тәреплер Қашқадәрья ўәлаятына сапарында да көзге тасланды. Мәмлекетимиз басшысы дәслеп «Sulton Tex Group» кластериниң тоқымашылық кәрханасының жумысы менен танысты.
Бул кәрхана улыўма баҳасы 8 миллион 200 мың доллар муғдарындағы жойбар есабынан өткен жылы иске қосылған. Заманагөй технология ҳәм үскенелер нәтийжесинде жылына 5 миллион дана тигиў-трикотаж өнимлерин таярлаў қуўатлылығы жаратылған.
Итибарлысы, кластер «жаңа өним – жаңа мәмлекет» принципи тийкарында экспортты жолға қойған. Бүгинги күнде сапалы товарлар Америка Қурама Штатлары, Канада, Польша, Сингапур, Россия сыяқлы мәмлекетлерге толық экспорт етилмекте. Дәрамат, жумыс өнимдарлығы да соған жараса жоқары. Кластерде пахта жетистириў ҳәм өндиристиң толық шынжырында 3 мыңға шамалас халық мийнет етпекте.
Президент кәрханадағы жумыс процеси менен танысты. Бундай жойбарлардың ўәлаят экономикасы ҳәм халықтың бәнтлигиндеги әҳмийети ҳаққында пикир билдирди. Жуўапкерлерге бул тараўда имканиятлар толық иске қосылмай атырғаны көрсетип өтилди.
– Халық, әсиресе, аўыллық жерлердеги адамларға мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў реформаларымыздың тийкары болыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Бизге белгили, ең көп пахта Қашқадәрья ўәлаятында жетистириледи. Бирақ оны қайта ислеў, таяр өнимге айландырыў көлеми аз. Мәселен, гезлеме тоқыў ҳәм бояў жолға қойылса, районларда қосымша 60 мың адамды бәнт етиў мүмкин.
Усы мақсетте «20 мың исбилермен – 500 мың маман қәниге» бағдарламасы «Sulton styles» кәрханасында да енгизилмекте. Әмелий моноорай шөлкемлестирилип, жумыссыз халықты тоқымашылық кәсибине үйретиў жолға қойылмақта. Бул процесс еки басқышлы болып, дәслеп ҳаял-қызларға кәрханадағы технология ҳәм әсбап-үскенелерден пайдаланыў, мийнет қәўипсизлиги қағыйдалары үйретиледи. Кейинги басқышта олар устазларға бириктирилип, тиккелей жумыс орынларында әмелий билим ҳәм көнликпелерди ийелейди.
Усы жерде мәмлекетимиз басшысына Шаҳрисабз, Китап ҳәм Қамаши районларында туризмди раўажландырыў жойбарлары таныстырылды. Аўылларда инфраструктураны жақсылап, туристлик бағдарларға киргизип, халық ушын дәрамат дәреклерин кеңейтиў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәмлекетимиз басшысы сапар етиў ўақтында режеден тысқары тәризде Қаршы районлық медицина бирлеспесине барды.
Оның имараты өткен әсирдиң 60-70-жылларында қурылған. Емлеўхана 228 наўқас орнына ҳәм поликлиника 250 қатнаўға мөлшерленген. Ҳәзирги ўақытта райондағы 243 мың халыққа хызмет көрсетеди. Бирақ бул жердеги шараятлар сонша қамтып алыў ҳәм заман талабына сай емес. Айырым үскенелерди жаңалаўға зәрүрлик бар.
Президентимиз медициналық бөлимлер ҳәм ханаларға кирип, негизги жағдайын көзден өткерди. Бул жерге келген наўқаслар менен сәўбетлести.
– Бүгин Қашқадәрьяға келиўимизден мақсет ўәлаяттың үш ярым миллионлық халқының турмыс шараятын жақсылаў, аўырын жеңил етиў, санаат, аўыл хожалығы, социаллық тараўларды раўажландырыў. Жолдан өтип киятырып, емлеўхана қандай екен, деп кирдим. Жағдайды өзим көрип, әпиўайы адамлар менен көбирек сәўбетлесип, қарар қабыллаў – мениң ең үлкен мақсетим. Алдын да айтқанымдай, билимлендириў менен медицина сапалы болса, адамлар разы болады. Көп жерлерде емлеўханаларды жақсыладық. Бирақ Қаршы районындағы шараят маған мақул емес. Бүгин көргенлеримнен жуўмақ шығарып, бул жерде жаңа емлеўхана қурамыз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Жуўапкерлерге болажақ комплекстиң орны ҳәм жойбары бойынша усыныс киргизиў ўазыйпасы қойылды. Келешекте ол ең заманагөй медициналық әсбаплар менен үскенеленеди ҳәм дәри-дәрмақлар менен бийпул тәмийинленеди. Районлық медицина бирлеспесинде жумыс ислейтуғын бир топар шыпакер ҳәм мийирбийкелер сырт елге қәнигелигин арттырыўға жибериледи. Усы тәризде бул жер басқа районлардағы емлеўханалардың хызметкерлери ушын оқыў-әмелият орайына айланады.
Сондай-ақ, сапар ўақтында кадрлар потенциалын ҳәм медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў, емлеўхананың әтирапын тәртипке келтириў мәселелери де айтып өтилди.
Президент Шавкат Мирзиёев сапар бағдарламасында нәзерде тутылмаған мәнзиллер менен танысыўда даўам етти. Қаршы районының орайы – Бешкент қаласындағы 12-мектеп те режелестирилмеген ҳалда барып көрилди.
Бул жерде ҳәзирги ўақытта 1 мың 400 ге шамалас ул-қыз оқып атыр. Оларға жүзден аслам маман педагог билим бермекте. Мектеп өткен жылы капитал оңланған. Оқыўшыларға бир кәсип-өнер ҳәм еки шет тилин үйретиў жолға қойылған. Компьютер билимданлығы, тигиўшилик, гүлалшылық сыяқлы дөгереклер бар.
Мәмлекетимиз басшысы классларды кирип көрди, муғаллим ҳәм оқыўшылар менен сәўбетлести. Мектеп шараятлары, сабақларының сапасы менен қызықты.
Ҳәзирги күнлерде елимизде гүзги-қысқы мәўсимге таярлық ҳәм нәл егиў ҳәўижге енген. Президент мектеп мысалында бул бағдардағы жумысларды көзден өткерди. Жуўапкерлерге социаллық мәкемелерди ыссылық пенен тәмийинлеў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды қолланыў бойынша көрсетпелер берилди. Өз гезегинде, мектеплердиң қурылыс стандартларын заманагөйлестириў, онда инфраструктура менен тәмийинленгени, функционаллық ҳәм энергия нәтийжелилигине байланыслы барлық нормаларды нәзерде тутыў зәрүр екени атап өтилди.
«Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде мектеплер әтирапында нәл егиў жумысларына да итибар қаратылды.
– Мектеп бар жерде мәденият болады. Педагоглар басқаларға ҳәр тәреплеме үлги. Мектеп әтирапы абат болып, мәўсимлик гүллер жайнап турса, жасларға ҳәм тәрбия, ҳәм стимул болады, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Президент Шавкат Мирзиёев ўәлаятқа сапары даўамында Қаршы қаласындағы Ойдин мәҳәллесинде болып, халықтың турмысы, аймақтағы абатлық ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге таярлық пенен жақыннан танысты.
Бул жерде 11 мыңға шамалас халық жасайды. Аймақта еки мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, бир улыўма билим бериў мектеби бар. Усы жылы және үш көп қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылды.
Мәҳәлледе хызмет көрсетиў тараўы, тигиўшилик ҳәм өнерментшилик жақсы раўажланған. Атап айтқанда, жигирмаға шамалас саўда дүканы, шаштәрезхана, улыўма аўқатланыў шақапшасы ҳәм басқа да түрдеги исбилерменлик субъектлери жумыс алып бармақта. Оларда жергиликли халық, атап айтқанда, жаслар жумыс пенен бәнт.
Усы жылы мәҳәлледеги еки жүзден аслам жумыссыз халық турақлы ҳәм мәўсимлик жумысларға жайластырылды. Және дерлик сонша пуқара «Жумысқа мәрхамат» моноорайлары ҳәм басқа да мәмлекетлик емес мәкемелер арқалы оқытылды. Олардың 191 и өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында жумыс баслаған.
Мәҳәлле белсендилери Президентке аймақтағы өзгерислер, адамлардың турмысы ҳаққында айтып берди. Бул жердеги көп қабатлы турақ жайларда бурын төрт аўыр категориядағы ширкет болған. Коммуналлық хызметлерде машқалалар көп еди. «Айдын басқарыў сервис компаниясы» шөлкемлестирилип, хызмет сапасы жақсыланды.
Гүзги-қысқы мәўсим алдынан көп қабатлы турақ жайларда зәрүр илажлар көрилди. Атап айтқанда, он турақ жайдың төбеси оңланып, жүзден аслам жоллар асфальтланды, ыссылық қубырлары изоляцияланды.
Аймақ көклемзарластырылған. «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде алты мың түптен аслам мийўели ҳәм декоратив нәллер отырғызылған. Көшелер асфальтланған, жақтыландырыў үскенелери орнатылған. Еки километрлик пиядалар жолы қурылған.
Қаршы қаласы жуўапкерлери, мәҳәлле «жетилиги» аймақта әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берди.
Бизге белгили, мәмлекетимизде барлық социаллық илажлар мәҳәллелерде, халық пенен биргеликте шөлкемлестиримлекте. Бул система басқышпа-басқыш раўажландырылып, енди және де кең ўәкиллик ҳәм имканиятлар берилмекте. Мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси ҳәм профилактика инспекторынан ибарат системаға салықшы ҳәм социаллық хызмет қәнигеси де қосылып, «мәҳәлле жетилиги» енгизилмекте. Кейинги жылдан «Мәҳәлле бюджети» системасы толық енгизиледи. Бул – ҳәр бир мәҳәллениң 100 миллион сумға шекем қәрежети болады, дегени. Сондай-ақ, әмелдеги үш платформа – «Онлайн мәҳәлле», «Ҳаял-қызлар», «Жаслар порталы» өз-ара интеграцияланып бирден-бир системада бириктириледи.
Президентимиз бул системаны нәтийжели иске қосыў, бундай кең ўәкиллик ҳәм қәрежетлерден пайдаланып, мәҳәлледеги әҳмийетли машқалаларды шешиў зәрүрлигин атап өтти. Халықты исбилерменликке, ҳаял-қызларды кәсип-өнерлерге қамтып алып, дәраматын арттырыў, жаслар ушын мәдений илажлар, жарыслар шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлледеги 11-жайда жасайтуғын Дилшод Набиевтиң шаңарағында мийман болды. Шаңарақ баслығы жеке исбилермен. Өмирлик жолдасы Ҳурриятхон менен еки перзентин кәмалға келтирмекте. Олар исбилерменлик жумысы, балаларға берилип атырған итибар ҳәм имканиятлар ҳаққында сөйлеп берди.
Президент мәҳәллениң жаңа орайы – мәҳәлле гүзары, хызмет көрсетиў шақапшаларын көзден өткерди. Сол жерде нуранийлар менен сәўбет болды.
Қаршы қаласында Республика қәнигелестирилген Ана ҳәм бала саламатлығы илмий-әмелий медицина орайының аймақлық филиалы қурылды. Президент сапар даўамында усы орайды барып көрди.
Усы жылдың 8-сентябрь күни мәмлекетимиз басшысының «Аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў, халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Оған муўапық, Республика қәнигелестирилген акушерлик ҳәм гинекология илмий-әмелий орайы, Республика халықтың репродуктивлик саламатлығы орайы, Республика Ана ҳәм бала скрининг орайы негизинде Республика қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илмий-әмелий медицина орайына айландырылмақта. Сондай-ақ, қарарда усы орайдың 14 аймақлық филиаллары шөлкемлестирилиўи белгиленген.
Бул мәкеме барлық талапларға жуўап беретуғын дәслепки сондай орайлардан бири.
Дерлик төрт гектарлық аймақта төрт қабатлы заманагөй имаратлар қурылған. Барлық бөлимлер ең соңғы маркадағы жедел техника ҳәм үскенелер менен тәмийинленген. Мәмлекетимизде ўәлаятлар бойынша еле бундай үлкен ҳәм заманагөй медицина орайы жоқ, деў мүмкин.
Бул жерде 200 орынлы ўәлаят перинатал орайы, 200 орынлық қалалық туўыў үйи, 50 қатнаўлы скрининг орайы ҳәм 50 қатнаўлы репродуктивлик орай бирден-бир комплектке жәмленди. Туўыў жасындағы ҳәм ҳәмиледар ҳаялларға туўыў ҳәм туўыўдан кейинги дәўирлерде бир орайда қәнигелескен медициналық хызмет көрсетиў имканияты жаратылды. Орай иске түскеннен кейин, бул жерде бир ярым мың медицина қәнигеси жумыс алып барады.
Мәмлекетимиз басшысы орайдағы шараят ҳәм қолайлықлар менен танысты. Германия, Беларусь ҳәм басқа мәмлекетлер менен бирге ислесиў тийкарында шыпакерлердиң тәжирийбесин арттырыў, орайда профилактика ҳәм емлениўдиң нәтийжели усылларын енгизиў бойынша көрсетпелер берди.
Келешекте бул жерде жылына 8 мыңнан аслам патологиялық туўыўларды қабыл етиў имканияты жаратылады. Бул көпшилик аналардың өмирин сақлаўда әҳмийетли.
Орайда, сондай-ақ, каминвазивлик ҳәм лапароскопиялық әмелият түрлери 42 ге жеткериледи. Тубэктомия, кистоэктомия, миомоэктомия ҳәм вентрофиксация әмелиятлары жолға қойылады. Жас өспирим қызлар, ҳаяллардың репродуктивлик саламатлығын сақлаў, саламат аналыққа таярлаўдан баслап, ҳәмиледарлықта антенатал күтим, туўыў ҳәм кейинги ана ҳәм бала күтими процесслери бир жердиң өзинде шөлкемлестириледи.
Орай 860 тан аслам мәҳәлле акушеркалары менен турақлы байланыста болады. Бирден-бир электрон база арқалы ўәлаяттың барлық аймақларындағы ҳәмиледарлар ҳәм туўыў жасындағы ҳаяллар қамтып алынады. Он жети орай көп тармақлы поликлиника қурамындағы ҳаяллар мәсләҳәтханасы ҳәм он сегиз туўыў орны менен байланыс орнатылады.
Бул арқалы орай қәўип факторлары анықланған ҳаялларды медициналық тексериўден өткереди, оларды емлейди ҳәм зәрүр жағдайларда республика дәрежесиндеги медициналық орынларға жибериледи. Некелениўшилер, ҳәмиледарлар ҳәм туўыў жасындағы ҳаяллар ҳәм балаларды молекуляр медицина-генетикалық тексериўлерден өткереди. Нәсиллик кеселликлер анықланған балаларды арнаўлы дәри қураллары ҳәм азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлейди.
Әйне күнлерде мәмлекетимиздиң барлық аймақларында гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары алып барылмақта. Коммунал тармақлар қайтадан көрип шығылып, ыссылық кәрханалары модернизацияланбақта.
Президент Шавкат Мирзиёев Қашқадәрьяға сапары даўамында ўәлаят «Ыссылық дәреги» мәмлекетлик унитар кәрханасының Қаршы қаласында жаңадан қурылған орайлық қазанханасын барып көрди.
Бул комплекс 12 Гкал қуўатлыққа ийе. Бул жерге Түркиядан алып келинген 14 МВтлық үш қазан орнатылды. Соның есабынан жылына 1,7 миллион куб метр тәбийғый газди үнемлеў имканияты жаратылды.
Орай қурылысы процесинде аймаққа алты километр қапламалы қубыр тартылды. Ыссылық тармақлары жабық системаға өткерилди ҳәм шығынлардан қорғалды.
Бул жердиң пайдаланыўға тапсырылыўы 38 көп қабатлы жайдағы бир ярым мыңнан зыят квартира ҳәм үш социаллық объектти ыссы суў ҳәм ыссылық пенен тәмийнлейди.
Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге қысқа таярлық жумысларын сапалы орынлап, энергия ҳәм ыссылық тәмийнатын жеделлестириў, энергияны үнемлеў мәдениятын арттырыў бойынша көрсетпелер берди.
Шавкат Мирзиёев бул комплекс жайласқан Наво мәҳәллесин де көзден өткерди.
Өзбекстан Президентиниң Қашқадәрья ўәлаятына сапары даўам етпекте.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
Ўлмас БАРОТОВ,
ЎзА хабаршылары