Мәжилисте Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан сыртқы ислер министрлери биринши мәрте ЕАның барлық 27 мәмлекетиниң ўәкиллери менен бир ўақыттың өзинде ушырасты.

Министрлер ЕА ҳәм Орайлық Азия арасындағы байланысларды тереңлестириў бойынша биргеликтеги жол картасын тастыйықлады. Ол регионлараралық сиясий пикирлесиў ҳәм бирге ислесиў, саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, энергетика, климатқа бийтәреп экономика ҳәм улыўма қәўипсизлик машқалаларын шешиў сыяқлы әҳмийетли тараўларды қамтып алады.

Сондай-ақ, министрлер 2024-жылы Түркменстанда және ушырасыўға келисип алды. «ЕА-Орайлық Азия» биринши саммити де келеси жылдың екинши шерегинде Өзбекстанда өткерилиўи режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги