Ҳүрметли ишки ислер системасының хызметкерлери!

Қәдирли офицер ҳәм генераллар, сержант ҳәм қатардағылар!

Ҳүрметли ветеранлар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди қутлы кәсиплик байрамыңыз – Өзбекстан Республикасы ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни менен шын кеўилден қутлықлайман.

Усы қуўанышлы әййямда сизлердиң өз мойныңыздағы оғада әҳмийетли ўазыйпаларды жуўапкершилик пенен орынлап киятырғаныңызды айрықша атап өтиўди қәлер едим.

Соңғы жыллары ишки ислер уйымларын ҳақыйқый халықшыл структураға айландырыў, халық ушын барлық қала ҳәм аўылларда қәўипсиз жасаў ҳәм мийнет шараятын жаратыў мақсетинде кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Ең төменги буўындағы жағдай ҳәм машқалаларды терең үйрениў тийкарында ҳәр бир мәҳәллени жынаяттан аўлақ аймаққа айландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Усы мақсетте 350 ден аслам мәҳәлледе ҳуқық-қорғаў дәргайлары шөлкемлестирилди, 9,5 мыңға шамалас мәҳәлледе профилактика инспекторларының жумысы жолға қойылды.

Бул жумыслардың логикалық даўамы сыпатында усы жылдан баслап «мәҳәлле жетилиги» системасы шөлкемлестирилди. Енди профилактика инспекторлары мине, усы системаның ең белсенди ағзасына айланып, жағдайды хожалықлар кесиминде үйренеди. Биринши гезекте, ҳуқықбузарлық ислеў ямаса оннан жәбир көриў итималы жоқары болған пуқараларды анықлап, олардың социаллық-турмыслық машқалаларын «мәҳәлле жетилиги» имканиятларынан пайдаланған ҳалда шешиў илажларын көреди.

Ең әҳмийетлиси, орынларда жас өспиримлер ҳәм жаслардың ҳуқықый санасын арттырыў, оларды саламат турмыс принциплери тийкарында тәрбиялаў арқалы социаллық жақтан қәўипли ҳәрекетлер жүз бериўиниң ерте алдын алыў бойынша әмелият жолға қойылады.

Биз Жаңа Өзбекстан шараятында «Барлық реформа ҳәм өзгерислер – инсан қәдирин жоқарылатыў ушын» деген ийгиликли принципке садық қалған ҳалда, бул жолда баслаған жумысларымызды жаңа басқышқа көтериўимиз зәрүр. Бул бағдарда өткен дәўирде жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўында жаратылған беккем ҳуқықый базаға сүйенемиз.

Ишки ислер уйымлары тараўына санлы технологиялар, сырт еллердиң алдыңғы тәжирийбелерине тийкарланған заманагөй жумыс алып барыў қураллары, жасалма интеллект жәрдеминде жумыс алып баратуғын мәлимлеме-мағлыўмат системалары жедел қолланылмақта. Жәмийетлик орынларда жағдайды онлайн бақлаў, пуқаралардың мүрәжатларын аралықтан турып қабыллаў, ҳуқықбузарлықларды инсан факторы қатнасыўысыз дизимге алыў әмелияты бул бағдарда үлкен әҳмийетке ийе.

Әзиз дослар!

Барлығымыз жақсы билемиз, барлық тараўларда болғаны сыяқлы ишки ислер системасында да жоқары тәжирийбели, заманагөй пикирлейтуғын, өз кәсибине, Ўатанымыз ҳәм халқымызға садық кадрлар реформалар тәғдирин белгилеп береди. Усы мәниде, мәмлекетимиз өз раўажланыўының шешиўши басқышына көтерилип атырған бүгинги шараятта ҳәр бир хызметкерден жетерли билимге ийе болыў, сөйлесиў ҳәм қарым-қатнас мәдениятын арттырыў, ҳәр қандай қурамалы жағдайда да дурыс қарар қабыл етип, мойнындағы ўазыйпаларды шын кеўилден орынлаў ушын өз үстинде тынымсыз ислеў талап етиледи. Ҳәммемиз ушын халқымыз турмысы ең үлкен мектеп екенин ҳеш қашан умытпайық. Усы мектепте билим алып, жетилисип, ел-халық мәплери ушын гүресип жасаў – бул ең уллы бахыт.

Соның ушын усы жылы қабыл етилген «Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң кәсиплик мәденият ҳәм хызмет тәртиби кодекси»нде мине, усындай қағыйда ҳәм принциплер тараў хызметкерлери жумысының бас нормасы екени қатаң белгилеп қойылды. Өз ўазыйпасын ҳадал ҳәм ҳүжданлы түрде орынлайтуғын ишки ислер уйымы хызметкери ел-халық арасында әлбетте, мүнәсип абырай-мәртебеге ийе болады.

Бизге белгили, кейинги жыллары ишки ислер уйымлары ушын профессионал кадрлар таярлаў бойынша нәтийжели система жаратылды. Соның ишинде, болажақ хызметкерлерди балалығынан баслап ўатансүйиўшилик руўхында, жоқары тәжирийбели ҳуқықтаныўшы сыпатында таярлаў әмелияты жолға қойылды. Ҳәр бир хызметкер гезектеги атақты алыўы ушын мәжбүрий түрде кәсиплик тәжирийбесин арттырыўы, басшылық лаўазымына тайынланыўы ушын Ишки ислер министрлиги академиясының басқарыў магистратурасында оқыўы белгиленген ҳәм бундай тәжирийбе өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Ҳүрметли тараў хызметкерлери!

Ишки ислер уйымларының жумысын жетилистириў, халықтың тынышлығын тәмийинлеўге қаратылған жумысларымыз буннан былай да избе-из даўам еттириледи.

Атап айтқанда, ишки ислер уйымлары тәрепинен көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлердиң 80 проценти электрон түрге өткерилип, системада бюрократия ҳәм пуқараларды сергиздан етиў жағдайлары сапластырылады. Ҳәр бир жумыс бағдары бойынша жәмийетлик пикирди үйрениў ҳәм жәмийетшилик тәрепинен мониторинг етип барыў әмелиятын «мәҳәлле-район-ўәлаят-республика» принципи тийкарында шөлкемлестириў илажларын көриўимиз керек.

Улыўмаластырып айтқанда, ишки ислер системасындағы реформаларымыздың әмелий нәтийжесин тараўдың ҳәр бир хызметкери, биринши гезекте, халқымыз өз күнделикли турмысында сезиўи шәрт.

Пурсаттан пайдаланып, сиз, әзизлерге, өз миннетиңизди терең түсинип, әмелге асырып атырған пидайы мийнетиңиз ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен. Сизлердиң машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысыңызды мүнәсип хошаметлеў буннан былай да мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң дыққат орайында болады.

Ел-халқымыздың тынышлығы ҳәм татыўлығы жолында қайтыс болған мәрт ҳәм батыр хызметкерлердиң естелигин ҳүрмет пенен еслеп, олардың шаңарақлары ҳәм перзентлерине байрам қутлықлаўымызды ҳәм жақсы тилеклеримизди билдиремиз.

Сизлерди бүгинги қутлы байрам менен және бир мәрте шын кеўилден қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт, жуўапкершиликли хызметиңизде жаңа табыслар тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти