Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы менен танысыў мақсетинде 24-октябрь күни Қашқадәрья ўәлаятына келди.

Мәмлекетимиз басшысы пүткил жумысы даўамында ҳәр бир тараў бойынша тиккелей орынларға шығып, халық пенен пикирлесип, халықтың турмысынан келип шығып жумыс алып барады. Мәмлекетимиз аймақларына сапарлардан тийкарғы мақсет – аўыл халқының турмыс дәрежесин көтериў, районларды санаатластырыў, жумыс орынларын көбейтиў, социаллық шараятларды жақсылаў.

Бул тәреплер Қашқадәрья ўәлаятына сапарында да көзге тасланбақта. Мәмлекетимиз басшысы дәслеп «Sulton Tex Group» кластериниң тоқымашылық кәрханасының жумысы менен танысты.

Бул кәрхана улыўма баҳасы 8 миллион 200 мың долларлық жойбар есабынан өткен жылы иске қосылған. Заманагөй технология ҳәм үскенелер нәтийжесинде жылына 5 миллион тигиў-трикотаж өнимлерин таярлаў қуўатлылығы жаратылған.

Итибарлы тәрепи, кластер «жаңа өним – жаңа мәмлекет» принципи тийкарында экспортты жолға қойған. Ҳәзирги күнде сапалы товарлар Америка Қурама Штатлары, Канада, Польша, Сингапур, Россия сыяқлы мәмлекетлерге толық экспорт етилмекте. Дәрамат, жумыс өнимдарлығы да соған жараса жоқары. Кластерде пахта жетистириў ҳәм өндиристиң толық шынжырында 3 мыңға шамалас халық мийнет етпекте.

Президент кәрханадағы жумыс процеси менен танысты. Бундай жойбарлардың ўәлаят экономикасы ҳәм халықтың бәнтлигиндеги әҳмийети ҳаққында пикир билдирилди. Жуўапкерлерге бул тараўда имканиятлардың толық иске қосылмай атырғаны көрсетип өтилди.

– Халық, әсиресе, аўыллық жерлердеги адамларға мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў реформаларымыздың тийкары болыўы керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Бизге белгили, Қашқадәрья ўәлаятында елимиздеги ең көп пахта жетистириледи. Бирақ оны қайта ислеў, таяр өнимге айландырыў көлеми аз. Мәселен, гезлеме тоқыў ҳәм бояў жолға қойылса, районларда қосымша 60 мың адамды бәнт етиў мүмкин.


Усы мақсетте «20 мың исбилермен – 500 мың маман қәниге» бағдарламасы «Султан стайлз» кәрханасында да қолланылмақта. Әмелий моноорай шөлкемлестирилип, жумыссыз халықты тоқымашылық кәсибине үйретиў жолға қойылмақта. Бул процесс еки басқышлы болып, дәслеп ҳаял-қызларға кәрханадағы технология ҳәм әсбап-үскенелерден пайдаланыў, мийнет қәўипсизлиги қағыйдалары үйретиледи. Кейинги басқышта олар тренерлерге бириктирилип, тиккелей жумыс орынларында әмелий билим ҳәм көнликпелерди ийелейди.




Бул жерде мәмлекетимиз басшысына Шаҳрисабз, Китап ҳәм Қамаши районларында туризмди раўажландырыў жойбарлары таныстырылды. Аўылларда инфраструктураны жақсылап, туризм бағдарларына киргизип, халық ушын дәрамат дәреклерин кеңейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА