Президент Шавкат Мирзиёев 23-октябрь күни аймақларда ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў системасын жақсылаў, азық-аўқат егинлерин егиў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған аймақлық ҳәм социаллық бағдарламаларда ишимлик суўы тәмийнаты айрықша орын ийелейди. Бул бағдарда хызмет сапалы ҳәм турақлы болыўы ушын баҳаның теңсалмақлылығы әҳмийетли.

Таллаўларға қарағанда, бүгинги күнде 1 куб метр ишимлик суўдың өзине түсер баҳасы Ташкент қаласында 448 сум болған жағдайда Наманганда дерлик 3 мың сумды, Самарқанд ҳәм Наўайыда 2 мың 600 сумды қурайды.

Суў ислеп шығарыўдың өзине түсер баҳасында электр энергиясының үлеси республика бойынша орташа 27 процент. Бирақ Ферғана, Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятында бул көрсеткиш жоқары.

Бизге белгили, елимизде альтернатив энергиядан пайдаланыўды кеңейтиў мақсетинде кәрхана, шөлкем ҳәм халықтың турақ жайларында қуяш панеллери орнатылмақта. Бирақ жылына 880 миллион киловатт-саат электр пайдаланатуғын суў тәмийнаты кәрханаларының бул бағдардағы жумысы сезилерли емес.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаят ҳәкимлерине ишимлик суўдың өзине түсер баҳасын арзанлатыў ўазыйпасын қойып, бунда ең үлкен дәрек суў кәрханалары жумсайтуғын электрдиң бир бөлегин «жасыл энергия»ға өткериў екенин атап өтти.

Мәселен, ҳәзирги ўақытта суў кәрханалары 1 киловатт-саат электрди 900 сумнан сатып алып атыр. Қуяш станцияларында ислеп шығарылған электр баҳасы болса орташа 350-400 сум, яғный 2 еседен аслам арзан. Инвесторларды тартып, суў имаратлары әтирапындағы бос майданларда қуяш панеллерин орнатыў мүмкин.

Сондай-ақ, ескирген ишимлик суў насосларын энергияны үнемлейтуғынына алмастырыў зәрүр екени айтылды.

Суў бойынша жойбарлар баҳасын қайта көрип шығыў, оларда жумсалатуғын материалларды локализациялаў имканиятлары көрсетип өтилди.

Тараўдағы жаңа жойбарлар буннан былай тиккелей орынларға шығып, халықтың пикири ҳәм келисими алынғаннан кейин жергиликли кеңеслерде додаланатуғыны белгиленди. Жойбарға қанша қаржы ажыратылғаны, жумысты бөлип алып ислейтуғын қайсы кәрхана екени, қашан иске қосылатуғынына байланыслы барлық мағлыўматлар жәрияланып барылады. Сол арқалы бул бағдарда да жәмийетлик қадағалаў күшейтиледи.

Мәжилисте бағ ҳәм жүзимниң қатар араларына егин егиў илажларына да тоқтап өтилди.

Елимизде 331 мың гектар бағ ҳәм 153 мың гектар жүзимзар бар. Оларда қатар араларындағы жерлерге пияз, чеснок, гешир, бәҳәр айларында ғоза, картошка, помидор ҳәм қыяр егилсе, базарларымызға қосымша өним, халыққа дәрамат болады.

Сол себепли ўәлаятларда жылдың ақырына шекем 92 мың гектарға тоқсанбасты усылында овощлар егиў, оған туқым ҳәм суў жеткерип бериў илажлары белгиленди. Аўыл хожалығы министрлиги системасындағы илимий-изертлеў институтлары климатқа сәйкес егин түрлери, агротехникасы бойынша илимий усыныслар берип барады.

Белгиленген илажлар суў хожалығы тараўының турақлы ислеўи ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеўге, нәтийжеде халқымыздың абаданлығын арттырыўға қаратылғаны атап өтилди.

Мәжилисте тараў жуўапкерлери ҳәм ўәлаят ҳәкимлериниң күн тәртибиндеги мәселелер бойынша есабатлары тыңланды.

ӨзА